Барлық мийнет жәмәәтлериндеги сыяқлы, Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалында да 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күнине бағышланған байрам илажлары шөлкемлестирилди.
Илажда филиал директоры Б.Қайыпбергенов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, филиал жәмәәтин ҳәм бәрше ҳаял-қызларды байрам менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.
Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы менен бирге таярланған сахналық көринислер, концерт бағдарламасы қойып берилди.
Байрам илажында ҳаял-қызлар ушын байрам дастурханы жайылып, ҳаял-қызларға таярланған байрам саўғалары тарқатылды.
– Жәмийетимиздиң бир бөлеги болған ҳаял-қызларға буншелли итибар қаратып, оларға байрам кейпиятын инам еткен бәрше ер азаматларымызға жәмәәтимиз ҳаял-қызлары атынан миннетдаршылық билдиремиз,-дейди филиал хызметкери Н.Нурбекова.
Сондай-ақ, филиалдың ҳаял-қызлар жәмәәтиниң Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында мәдений дем алыўы да шөлкемлестирилди. Ҳаял-қызларымыз ол жерде «Гөззалларға саўға» атамасындағы театрластырылған байрам бағдарламасын тамашалап, мәдений дем алды.
Әлбетте, бул да филиал жәмәәтинен ҳаял-қызларымызға арналған және бир байрам саўғасы болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги