Тақыятастағы Кенегес аўылында жаңа бақша имараты бой тикледи
389

Тақыятас районы «Кенегес» АПЖ аймағында жаңадан бақша қурыў Президентимиздиң қарары тийкарында «Социаллық өндирислик инфраструктураны раўажландырыў» бағдарламасына киргизилип, буның ушын 5,7 млрд. сум қаржы ажыратылған еди.
Ҳәзирги ўақытта қурылыс жумыслары жуўмақланыў алдында тур ҳәм объект тез арада пайдаланыўға тапсырылыўы күтилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги