Спортшылар мүнәсип күтип алынды
348

Усы жылдың 11-14-декабрь күнлери Қазақстан Республикасының Ақтаў қаласында 2008-2009-жыллары туўылған жаслар арасында спорттың самбо түринен Азия кубоги болып өткен еди.
Онда Өзбекстан сайланды командасы қурамында Қарақалпақстаннан жәми 13 спортшы қатнасып, 4 алтын, 1 гүмис, 3 қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.

Спортшыларымыз Нөкис темир жол вокзалында Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлиги жәмәәти, тренер-устазлары, ата-аналары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери тәрепинен салтанатлы күтип алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги