ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен ҳаял-қызлар арасында спорттың волейбол түри бойынша жарыс өткерилди.
Инсан саламатлығын беккемлеўде спорттың тутқан орны әҳмийетли. Жарысты өткериўден мақсет болса, спорттың ғалаба ен жайыўына ерисиў, ҳаял-кызлар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, олардың бос ўакытларын мазмунлы өткериўден ибарат.
Жарыстың басланыў мәресиминде атап өтилгениндей, соңғы жылларда елимизде ҳаял-кызларға болған итибар ҳәм ҳүрмет мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип, ҳаял-қызлардың жәмийеттеги орнын, абырайын беккемлеў бағдарында мәмлекетлик әҳмийетке ийе үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Ҳаял-қызларымыз ҳәр бир тараўда пидайы хызмет етип келмекте.
Инсаннан шаққанлық ҳәм епшилликти талап ететуғын волейбол жарысында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң командасы биринши, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы республикалық балалар китапханасының командасы екинши, Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтының командасы үшинши орынды ийеледи.
Жеңимпаз командаларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги