Журналист кәсибинде ислеген адамның күнделиги, дым болмағанда қойын дәптери болыўы тәбийий. Ҳәр бетиниң ең жоқарысында сәне, ай, жыл түсирилген болып, сол күни кимлер менен, қай жерде, не ўақыя болғанлығының қысқа көриниси жазылады.
Кәсиплес устазымыз, белгили радиожурналист Нурсулыў апа Бегимоваға да бүгинги туўылған күни мүнәсибети менен бир қатар сораўлар берип, оны сол қойын дәптерине ҳәм кеўил дәптерине қайта үңилдирип, өткен дәўирлерин еслеўине себепши болдық.
Балалық…
Ҳәр бир адамның жәмийетте, турмыста өз орнын табыўында оның өткерген балалығы, сол жыллардағы әтирапындағы инсанлардың, болып өткен ўақыялардың оғада үлкен тәсири болары анық. Нурсулыў апа Нөкисте туўылған болса да, ата-анасы барқулла жумыста болғаны ушын көбинесе кемпир апасы менен Қанлыкөл районында жасаған ҳәм ойымызша сол Қалжан кемпирдиң тәрбиясы, аўыл турмысы оның өмирдеги көп нәрселерди ертерек аңлаўына себепши болды.
Соның менен бирге ол ең биринши устазы Кәрима Каримуллаеваны шын кеўлинен еслейди, өйткени ол өзи мың түрли тәшўиште жүрсе де, оқыўшыларын билимли, тәрбиялы етип шығарыўға ерискен устаз сыпатында бир өмир жүрегинде қалды.
Әдебиятқа дәслепки қызығыўшылығын көп нәрселер менен байланыстырыў мүмкин, мәселен үйине почта арқалы келетуғын газета-журналлар, атасы, әкеси жыйнаған китаплар, устазлары, шаңарағына атасын еслеп келип туратуғын Хожабек Сейтов, Байнияз Қайыпназаров, Тилеўберген Жумамуратов сыяқлы белгили инсанлардың да айтарлықтай тәсири болды. Мектепте 8-класында оқып жүрген жылларында телеорайда ислеп жүрген жигит ағасының орнына жәмийетлик жумысларға барып жүрип, телерадиодағы журналист аға-апалары менен жақыннан танысып, сәўбетлес болыўы, әсиресе жоқары оқыў орнын питкерип енди ғана телевидениеге жумысқа араласып атырған Үзилхан Нуғманова менен танысыўы оны журналистикаға әбден қызықтырып, кейин ала олардың избасары болыўына себепши болды.
Кәсипке дәслепки қәдем
Несийбесине ол мектепти питкерген жылы университетте журналистика қәнигелигиниң ашылыўы, соның менен бирге сол гездеги филология факультетиниң деканы Есемурат Бердимуратовтың оған қарақалпақ тили қәнигелигине емес, ал, журналистикаға ҳүжжетин тапсырыўын усыныс етиўи бул кәсип Нурсулыў апаның тәғдирине анық жазылғанлығын дәлийллеген сыяқлы.
Сол дәўирде қәнигелердиң, арнаўлы оқыў қолланбаларының жетиспеўшилик жағдайы болған болса да, оқыўға ықласлы жаслар ушын бул ҳеш қандай тосқынлық бола алмады. Журналистикаға тийисли русша китапларды аўдармалап, газета-журналлардың шығыў тарийхын үйренип барыўы менен-ақ көп нәрсени үйренди.
Студент гезинде өндирислик әмелиятын «Совет Қарақалпақстаны» (ҳәзирги «Еркин Қарақалпақстан») газетасында өтеген болса, оқыўды питкергеннен соң усы үлкен жәмәәтте жумыс баслайды. Сол ўақыттағы газетаның редакторы Ибрайым Юсупов, устаз журналистлер Өтеп Байлепесов, Ғайбулла Ерниязов, Клим Назбергенов, Тәңирберген Худайбергенов, Пердегүл Еденбаева, Атажан Халмуратов, Абдулла Ҳәбийпов, Яҳуда Муратов, Әбдимурат Жумағулов, Өмирбай Өтеўлиевлерден журналисттиң ўазыйпалары, мағлыўмат алыў, журналистлик сорастырыў, сын мақалаларды жазыўда нелерге итибар қаратыў кереклигин үйренип барды…
Радиодағы табыслы жыллары
Журналистлик кәсиби сондай кәсип- түрли кәсип ийелери менен дусластырады, олардың жумысын жарытыў менен бирге ишки кеширмелерине де қулақ тутыўға туўры келеди. Нурсулыў апа да жумыс бабы менен мыңлап инсанлар менен сәўбетлести. Олардың дәртин тыңлады, шешилмей атырған мәселелериниң шешилиўине жәрдем берди. Әсиресе Қарақалпақстан радиосына келгеннен соң оның инсанлардың турмысындағы нәзик мәселелери, олардың тәғдири, өмириндеги қыйыншылықлары ҳаққындағы «Турмыс тәшўишлери» еситтириўи арқалы көплеп ықласбентлер арттырды. Өмирде ҳәр қыйлы себеплер менен турмыстың шырмаўығына шатылып, машқалалардан арылалмай жүрген инсанлар тәғдирин жарытып, радиотыңлаўшылардың жүрегине жол таўып бара алыўы оның радиодағы дәслепки табыслы жылларына туўры келди.
Өмирде түрли себеплер менен жынаятқа қол урған, өзи ойламаған, қәлемеген жағдайда жынаят көшесине кирип қалған инсанлар ҳаққында айтыў, радиоеситтириў таярлаў ушын журналисттен журналистлик этиканы ҳәм ғалаба хабар қураллары ҳаққындағы нызамларды жақсы билиўи, шеберлик талап етиледи. Нурсулыў апа да усындай инсанлар менен ушырасыўына, сәўбетлесиўине туўры келди, олардың өкинишке толы гәплерин тыңлады, басқалар сабақ алсын, жуўмақ шығарсын деген мақсетте еситтириўлер таярлады. Ол буннан басқа да еситтириўлеринде жәмийетте жол қойылып атырған қәте-кемшиликлерге сын пикирлер айтып, өзиниң журналистлик позициясын билдирип барды.
Ол жумыс баслаған жаслық жылларда ислеген жумысын, талантын жүзеге шығаратуғын ҳәзиргидей таңлаўлар көп болмағаны менен жақсы еситтириўлер таярлады ҳәм бул арқалы мақтаў сөзлер еситти. Әсиресе оның Екинши жер жүзилик урыстың үстинен ерисилген жеңистиң 50 жыллығына арнап таярлаған «Балалыққа атылған оқ» атамасындағы еситтириўи ең жақсы еситтириў сыпатында басшылар тәрепинен мүнәсип баҳаланды.
Қәлеген кәсип ийеси өзиниң ийелеген билиминиң дәрежесине қарап, жумыс алып бара бериўи мүмкин, бирақ сол тараўда жетик қәниге болыў, көпшиликтен топты айырып шығып, өзиниң «мен»ин көрсете алыў, өзиндеги қәбилетти, билимди жүзеге шығара билиў ҳәммеге де несип ете бермейди. Оның ушын инсанның көкиреги ояў, талапшаң, уқыплы болыў талап етиледи. Нурсулыў апа да журналистлер арасында өзиниң орнына ийе болыўында жоқарыда айтылғанларды иске салып, пидайылық етиўиниң арқасында ерисе алды деп айта аламыз.
Өзлигин аңлаў
«Адамлар өзлеринен басқа ҳәмме нәрсени биледи дейди. Тек өзин үйрениўге ўақыты, сабыры, парасаты жетпейди екен. Сиз усы пикирге қосыласызба? Яки сиз өзиңизди қаншелли дәрежеде аңлап жеткенсиз?»-деген сораўыма төмендегише жуўап береди:
– Дурыс айтасыз, адам өзин үйрениўге ўақты жоқлығы ырас. Бәлким биреўлерге қатал, ал, биреўлерге керисинше мийирман шығарман. Бәлким биреўлерге ең жаман адам шығарман, оны әтирапымдағы адамлар баҳа бере береди. Бирақ өзимде бир қәсийет бар, егер де басшы адам қатал болмаса, талапшаң болмаса, ол жәмәәтте раўажланыўдың да өзи болмайды. Мейли ол газета болсын, мейли радио яки телевидение болсын, хызметкерге талапты күшли қоя билмесек ол жерде жақсы нәтийже көре алмаймыз. Егер де талапты күшли қоя алсақ, жас қәнигелер, шәкиртлеримиз жақсы ислеўге ҳәрекет етеди деп есаплайман. Жеке өзим де жасы үлкен устазларымыздың қаталлығы, талапшаңлығының арқасында усы дәрежеге жетискенмен. Адам қыйын жолды таңлап, қыйын темалардан баслаў керек жумысты. Әўели бастан қыйын нәрсени үйренсең, ҳәмме нәрсени еплеп кетиў мүмкин болады. Сол ушын да изимизге ерген шәкиртлериме усы нәрселерди айтып, оларға жол-жоба беремен. Гейде қатты қоллық етип олардың кеўлине тийип кейигениме өкинемен, бирақ және өзиме өзим: егер ҳәзир айтпасам, ол кейин оннан да үлкенирек қәтеге жол қойыўы мүмкин деймен ҳәм олардың мени дурыс түсинетуғынлығына исенемен.
«Ибрат» ықласбентлерин тапты
Ол 2013-жылдан баслап «Ибрат» еситтириўин таярлап баслады. Бул еситтириў арқалы бүгинги күнге шекем өмир жолы басқаларға өрнек боларлық көплеп инсанларды радиотыңлаўшыларға таныстырды. Олардың өмирдеги, кәсиби арқалы ерискен жетискенликлери, сол дәрежеге жетисиўиндеги мийнетлери, машақатлы жоллары ҳаққында таярланған радиоочерклер өз ықласбентлерин тапты.
Нурсулыў апа ушын, соның менен бирге радиотыңлаўшылар ушын «Ибрат»қа алып шыққан қаҳарманлары шын мәнисиндеги өрнек болған инсанлар болды. Биреўинен кеңпейилликти, және биреўинен сабырлылықты, ал басқа биреўинен пидайылықты үйренди. Радиода «Ибрат» сыяқлы еситтириўлер ҳақыйқаттан да инсанларды тәрбиялаўшы, дурыс жолға баслаўшы, тыңлаўшы жүрегине жетип баратуғын еситтириў сыпатында тән алынған.
Журналисттиң табысы неде?
«Мен бүгин мына нәрсени ислей алдым,-деп мақтаныш ете алмайман. Журналисттиң табысы-бул халқы менен. Себеби, уллы дөретиўшиликти сол халқың ислемесе, журналист нени жазады. Халықтың ислеген ийгиликли ислерин, мәртлигин жарытыўы арқалы журналисттиң аты шығады. Халықтың атынан сөйлеўи, олардың дәртин тыңлаўы, машқаласын алып шығыўы, халық пенен басшының ортасында көпир хызметин атқарыўы оны мәртебеге еристиреди»,-дейди Нурсулыў апа.
Жуўмақ сөз орнына
Адамгершиликтиң белгили формуласы жоқ. Бирақ инсан жәмийетте өзиниң орнына ийе болыўында, басқалардың санасында жақсы инсан сыпатында тәсир қалдырыўында, халықтың нәзерине түсиўинде өзиниң ақыл-парасаты, инсаныйлық пазыйлети менен ериседи. «Өзиңди жаттай сыйла, жат бойыңнан түңилсин»,-деген даналық бар, адам ең дәслеп әтирапындағыларды сыйлап билиў керек, өзин сыйлай алған адам, өзгени де өзиндей сыйлай алады,-дейди Нурсулыў апа.
Жуўмақлап айтатуғын болсақ, Нурсулыў апаның өмир күнделигине кәсиби, әтирапындағы инсанлар себепли ең жақсы мәўритлер, еслеўлер жазылған, ал биз сол себепли өтмиштен, журналистикамызда мийнет еткен инсанлар ҳаққында хабардар болдық. Өкинишлиси, ол айтып берген бираз гүрриңин бул мақаламызға сыйдыра алмадық. Усыныс ретинде, соны айтыўым мүмкин, оқыў орынларында болажақ журналистлерге Нурсулыў апа менен мастер класслар өтилсе, олар («багаж» ушын) бираз тәжирийбе алар еди деп ойлаймыз.
Аналарымыз, гөззал ҳаял-қызларымыз байрам қарсаңында жақсы тилеклер еситип, саўғалар менен сыйланып атырған бир ўақытта көплеп журналистлердиң устазына айланған Нурсулыў Бегимованы да өмиринде әҳмийетли күн болған қутлы сәне-туўылған күни менен қутлықлаймыз. Бахыты пүтин, ден саўлығы беккем болыўын тилеймиз.
Қундыз Жумағалиева, журналист.
Қарақалпақстан хабар агентлиги