Бәҳәр басланыўы менен елимизде жаӊаланыў, жасарыў ҳәм дөретиўшилик байрамлар басланып кетеди. Себеби, бул мәўсим кеўиллерге әлўан түрли әжайып сезимлер бағышлап, халқымызды жаӊа дөретиўшилик ислерге қарай илҳамландырады.
1-март – өзбек халқының сүйикли шайыры, белгили жәмийетлик ғайраткер, Өзбекстан халық шайыры Зульфия Исроилова дүньяға келген күн. Әсиресе, бәҳәр мәўсиминиӊ кирип келиўи менен шығыс ҳаял-қызларыныӊ атақлы жыршысы есапланатуғын Зульфия шайырдыӊ туўылған күни ҳәр жыл сайын мәмлекетимиз бойлап кеӊ түрде салтанатлы жағдайда белгиленип өтиледи.
Республикамыздыӊ барлық орынларында болғаны сыяқлы Шымбай районындағы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде де Өзбекстан халық шайыры Зульфия Исроилованыӊ 107 жыллығына бағышланып «Таӊ жыршысы» атлы әдебий саз-сәўбетли кеше болып өтти.
Онда мектеп директоры Жанар Алиева, директордыӊ руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Султанбай Абдуллаев ҳәм тағы басқалар кеше қатнасыўшыларын бәҳәрдиӊ кирип келиўи ҳәм халқымыздыӊ сүйикли шайыры Зульфияныӊ туўылған күни менен қутлықлап, шайырдыӊ елимиз әдебияты ҳәм ҳаял-қызлары турмысында тутқан орны туўралы кеӊ түрде айтып берди.
Буннан соӊ мектеп оқыўшылары шайырдыӊ қосықларынан оқып, оныӊ өмири ҳәм басып өткен мийнет жолы бойынша таярланған сахналық көринис қойып берди. Көркем өнерге қызығыўшы оқыўшылар тәрепинен нама қосықлары айтылып, аяқ ойынлар атқарылды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.