Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 1-март күни ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў системасы ҳәм олардың жәмийеттеги абырайын және де беккемлеў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Халқымыз тарийхында уллы алымлар, әскербасы ата-бабаларымыз қатарында, усындай инсанларды дүньяға келтирип, тәрбиялаған, уллы ислерге руўхландырған дана ҳаяллар да көп болған. Бүгин де ҳаял-қызларымыз перзент тәрбиясында, ҳәр қыйлы тараўларда, мәҳәллелерде пидайылық көрсетпекте. Олардың аўырын жеңил етиў, ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў мақсетинде кейинги жыллары бир қатар нызамлар, пәрманлар ҳәм қарарлар қабыл етилди.

2021-жылы ҳаял-қызлар исбилерменлиги бағдарламалары шеңберинде 200 мыңнан аслам жойбарларға 2 триллион сум кредит ҳәм субсидиялар ажыратылып, 320 мың ҳаял-қыз турақлы жумыс орнына ийе болды. 190 мың ҳаял-қыз кәсип-өнерге оқытылды. 4 мыңнан аслам ҳаял-қызларға турақ жай төлеминиң басланғыш төлемине қаржы ажыратылды.

2 мың қыз айрықша грант тийкарында жоқары билимлендириўге қабыл етилди. Нәтийжеде, өткен жылы жоқары оқыў орынларына кирген студентлердиң 60 процентин ҳаял-қызлар қурады.

Улыўма, 2020-жылдан баслап, «Ҳаял-қызлар дәптери» системасы жолға қойылып, оған киргизилген 900 мыңға шамалас ҳаял-қызларға социаллық-экономикалық, медициналық, ҳуқықый ҳәм психологиялық жәрдем берилген.

Мәжилисте бул бағдардағы гезектеги әҳмийетли ўазыйпалар додаланды.

Ҳәзирги күнде «Ҳаял-қызлар дәптери»нде 630 мыңнан аслам ҳаял-қыз дизимде тур, олардан 200 мыңы жумыссыз. Ҳаял-қызлар арасында жынаятшылық, шаңарақта зорлық ҳәм азапланыў жағдайлары, тилекке қарсы, еле де бар.

Мәмлекетимиз басшысы бул машқалаларды шешиўде мәҳәлле белсендилери, жәмийетшилик ҳәм нураныйлардың орны менен тәсири сезилмей атырғанын айтты.

– Ҳәзирги абадан турмысымыз да, айдын келешегимиз де ҳаял-қызларға байланыслы. Егер халқымыз бизден разы болыўын қәлесек, бәринен бурын, әзиз аналарымыз, апа-қарындасларымыз ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыўымыз керек. Ана разы болса, шаңарақ разы болса, жәмийет разы болады,-деди Шавкат Мирзиёев.

Бул мақсет мәмлекетимиздиң раўажланыў стратегиясында ең әҳмийетли бағдарлардан бири сыпатында белгиленген. Олардың орынланыўын системалы түрде, ҳәр бир мәҳәлле кесиминде әмелге асырыў ушын Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бойынша мәмлекетлик комитетти шөлкемлестириў ҳаққында Президент пәрманы қабыл етилди.

Комитет баслығы соның менен бирге Бас министрдиң орынбасары ҳәм Сенат ағзасы сыпатында жумыс алып барады. Комитеттиң ўәлаят, район ҳәм қалалық басқармаларының басшысы болса, ҳәким орынбасары болып есапланады.

Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў қоры және «Ҳаял-қызлар дәптери» қоры усы комитет тәрепинен басқарылады. Елимиздеги 9 мың 309 мәҳәлле баслығының ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақ бойынша орынбасары лаўазымлары да комитет системасына өткериледи және ҳәр бир мәҳәлледе ҳаял-қызлар белсендиси лаўазымы жаңадан енгизиледи.

– Енди ҳәр бир мәҳәлледе ҳаял-қызлардың дәрти менен жасайтуғын система болады. Қайсы ҳаял-қызға не керек екенлиги, оқыўы, емлениўи, балаларының тәрбиясы бойынша мениң столымда әдалатлы сан болады,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Ҳәммемизге белгили, ҳаял-қызлар мәселелери Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги системасында еди. Өз алдына комитет дүзилиўи мүнәсибети менен, бул министрлик те Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги сыпатында қайта шөлкемлестирилди.

Бул тараўда да жаңа системаның жаратылатуғыны белгиленди. Орынларда  бул ўазыйпа тиккелей ҳәкимлерге жүкленеди, ҳәким орынбасары лаўазымы қысқартылады. Мәҳәлле баслығы өзиниң аймағында ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси ҳәм ҳаял-қызлар белсендиси менен бирге ислесиўди тәмийинлейди.

Сондай-ақ, Халық қабыллаўханаларының ўазыйпалары да енди қала ҳәм районнан мәҳәлле көлемине түседи.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы ҳаял-қызларды социаллық қорғаў мәселелерине айрықша итибар қаратты. 2022-жыл 1-сентябрьден жеке меншик секторда рәсмий жумыс ислеп атырған ҳаял-қызларға ҳәмиледарлық напақасын мәмлекет тәрепинен төлеў системасын жолға қойыў бойынша көрсетпе берилди. Бул мақсетлер ушын усы жылы бюджеттен 200 миллиард сум, 2023-жылы болса 1 триллион 700 миллиард сум қаратылатуғыны атап өтилди.

Ҳаял-қызлардың турақ жай шараятын жақсылаў мәселесине тоқтап өтип, Президентимиз былай деди:

– Бир ўақытлары ҳаял-қызларға жеңиллетилген жай бериўге имканият жоқ еди, буған нызамлы тийкар, қаржы жоқ еди.

Мәжилисте ипотека кредитлери бойынша ажыратылатуғын субсидиялардың кеминде 40 проценти ҳаял-қызларға қаратылыўы белгиленди.

Олардың саламатлығын тиклеў бойынша да анық илажлар әмелге асырылады. Атап айтқанда, усы жылы  6 мың ҳаял-қызға жоқары технологиялық медициналық жәрдем көрсетиледи. Майыплығы болғанлар реабилитация қураллары менен тәмийинленеди. 3 миллион ҳаял-қыз онкологиялық скринингтен өткериледи. Сондай-ақ, қызларды шаншыў, фертил жастағы ҳаял-қызларды дәри ҳәм витаминлер менен бийпул тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.

Қызлардың жақсы билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи Президентимизди ҳәмийше ойландыратуғын мәселелерден бири. Бул мәжилисте де олар ушын билимлендириў шараятларын кеңейтиў бойынша тарийхый қарарлар қабыл етилди.

Соның ишинде, 2022-2026-жылларға мөлшерленген Ҳаял-қызлар билимлендириўин қоллап-қуўатлаў бағдарламасы ислеп шығылады. Бағдарлама шеңберинде, пайтахтымызда  тийкарынан ҳаял-қызларды оқытыў ушын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында тоқымашылық тараўында өз алдына университет шөлкемлестириледи. Пахта-тоқымашылық ҳәм пиллешилик кластерлериниң қатнасыўында орынларда университеттиң техникумлары да ашылады.

Жаңа оқыў жылынан баслап, тәлим контрактларын төлеў ушын қызларға биринши мәрте 7 жыл мүддетке процентсиз кредит бериў енгизиледи. Оның ушын, усы жылы банклерге 1 триллион 800 миллиард сум, келеси бес жылда 8 триллион сум қаржы ажыратылады.

Және бир жаңалық: келеси оқыў жылынан баслап магистратурада оқып атырған қызлардың контракт пуллары толық бюджеттен қаплап бериледи. Сондай-ақ, жәрдемге мүтәж шаңарақ ўәкиллери, ата ямаса анасын жоғалтқан студент қызлардың тәлим контракты жергиликли бюджеттен төленеди.

Жәмийетимизде илимпаз ҳаял-қызлардың үлесин сезилерли арттырыў ушын докторантура бағдарында ҳаял-қызлар ушын ҳәр жылы кеминде 300 мақсетли квота ажыратылады.

Моноорайлар ҳәм жоқары оқыў орынларының жанында Маманлықты баҳалаў орайларын шөлкемлестириў, ҳаял-қызларды талап жоқары болған жумысшы кәсиплерге оқытыў бойынша көрсетпелер берилди.

2022-2024-жыллар ушын «Бизнес ҳаяллар» бағдарламасының қабыл етилиўи белгиленди. Оның орынланыўына жәми 8 триллион сум қаратылады. Ҳаял-қызлар ушын исбилерменлик курслары шөлкемлестириледи, жеңиллетилген кредитлер бериледи.

Мәмлекетимиз басшысы жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеген исбилерменлерди де қоллап-қуўатлаў зәрүр екенлигин атап өтти. Олар ушын көплеген салық ҳәм саўда жеңилликлери белгиленди.

Мәжилисте ҳаял-қызларды ҳуқықый қорғаўды күшейтиў мәселесине де тоқтап өтилди. Ҳәзирги күнде зорлыққа ушыраған ҳаяллар 30 күн мүддетке өз алдына қорғалады. Бирақ, оннан кейинги системада бослық пайда болып қалған.

Соның ушын, енди ҳаяллардың зорлықтан қорғалыўы суд тәрепинен тәмийинлениўи, өз алдына қорғаўға алыў бир жылға шекем белгиленетуғыны айтылды.

Шаңарақларды беккемлеў, перзент тәрбиясында ата-ананың жуўапкершилигин арттырыў да бүгинги күндеги әҳмийетли мәселелерден.

Президентимиз бул бойынша абырайлы, билимли ҳаял-қызлардан ибарат «Ақыллы ҳаяллар» ҳәрекетин шөлкемлестириў усынысын билдирди.

– Бул ҳәрекет «мәҳәллениң ҳүжданы»на айланыўы керек. Себеби марипатлы жәмийетти марипатлы аналарсыз қурып болмайды, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.

Мәжилисте белгиленген илажлардың орынланыўын шөлкемлестириў ҳәм қадағалаў бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берилди. Белсенди ҳаял-қызлар, тармақ ҳәм аймақ басшылары шығып сөйлеп, пикирлерин билдирди.

ӨзА