Халық аўзында Қарақалпақстанға ислам динин алып келген жети уламаныӊ бири сыпатында тәрийпленетуғын «Мардан баба» деп аталыўшы қойымшылығы дөгереклеп қоныс басқан, совет дәўиринде «Октябрь» совхозы,  ғәрезсизликтен соӊ «Қызылыөзек» аўыл пуқаралар жыйыны деп аталған елаттан көплеген уламалар, илимпазлар, салыкешлер, шарўалар, шыпакер, журналист ҳәм басқа да белгили инсанлар жетилисип шыққан.

Олардыӊ биреўлериниӊ атларын жасыүлкен әўлад ўәкиллери билгени менен, кейинги өсип киятырған жаслар онша биле бермейди. Жәмийетимиздиӊ орта буўын деп аталыўшы бизлер олардыӊ атлары ҳәм ел ушын ислеген ислерин өсип киятырған жас әўладларға үйретип, олардыӊ санасына сиӊдирип барсақ оғада дурыс болады деп ойлайман. Себеби, бүгинги күнимиз ертеӊ тарийхқа айланады. «Өтмишин билмеген халықтыӊ келешеги жоқ»,-дегениндей, бизиӊ ҳәрбиримиз туўылып өскен аўылымыз ҳәм елимиз тарийхын жақсы билиўимиз ҳәм оларды жәмийетшиликке жәриялап барыўымыз керек.

Усындай елге белгили, ал, ҳәзир болса, сәл умытылыӊқырап баратырған инсанлардыӊ бири қарақалпақ ҳаял-қызлары арасында жоқары мағлыўматлы дәслепки журналистлердиӊ бири, бүгинги күни Қазақстан Республикасыныӊ Алма-ата қаласында жасап атырған нураный апамыз  Перида Әбдираманова болып табылады.

1933-жылдыӊ 9-ноябринде «Қызылөзек» елатында туўылып, сол жердеги ҳәзирги 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде тәлим алған Перида Әбдираманова соӊынан Шымбайдағы Педагогикалық училищеде тәлим алады. Буннан кейин билимин еле де жетилистириў мақсетинде, Ташкент медицина институтына оқыўға түседи.

-Биринши курстан соӊ  бизлерди Ташкенттеги емлеўханалардағы моргларға апарып әмелият сабағын өтти. Мен бундай әмелиятларға жүрегим даўамайды. Сонлықтан өзимниӊ шыпакер бола алмайтуғынлығымды түсинип, институттағы оқыўымды таслап кеттим,-дейди бизге Перида апа.

Бирақ, жоқары билим алыўға деген умтылыс Перида Әбдираманованы тоқтатып қала алмады ҳәм ол Алма-ата қаласындағы бурынғы С.М. Киров атындағы Қазақ мәмлекетлик университетиниӊ (ҳәзир Фарабий атындағы Қазақ миллий университети) журналистика факультетине оқыўға түседи. 1959-жылы университетти табыслы тамамлаған ол «Жеткиншек» газетасында өзиниӊ журналистлик жумысын баслайды.

-Газетамызға белгили шайыр ҳәм илимпаз Әденбай Тәжимуратов редакторлық ететуғын еди. Ол Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамына баслық болып жумысқа кеткеннен соӊ, мени республика басшылары «Жеткиншек»ке редактор етип бекитти. Бизлер Сағыйдулла Аббазов, Гүлайша Есемуратова, Пердегүл Еденбаева ҳәм тағы басқа да журналистлер менен бирге бир шаӊарақтыӊ балаларындай өз-ара аўызбиршилик ҳәм сыйласықта жумыс иследик,-дейди Перида апа.-Ол ўақытлары «Жеткиншек» урыстан соӊ жаӊа ғана қайта шөлкемлесип атырған газета болып, ол ҳәптесине үш мәрте баспадан шығатуғын еди. «Үлкен үйге не керек болса, кишкене үйге де сол керек»  дегениндей, газетамыз кишкене балаларға арналған газета болғаны менен үлкен газета ушын не керек болса, бизлерге де сондай нәрселер зәрүр болды. Әсиресе, сол дәўирлерден баслап газетада билимли ҳәм жоқары мағлыўматлы қәнигелер менен толысыўы ҳәм олардыӊ дөретиўшилик жетилисиўине айрықша дыққат қаратылды. Әлбетте, бул болса жаӊа газетаныӊ тематикалық жақтан қызықлы ҳәм мазмунлы шығыўына тийкар жаратты.

-Умытпасам 1957-жылы жылы республикамыз басшылары Әденбай Тәжимуратов, Сағыйдулла Аббазов ҳәм мени урыс жыллары шығыўы тоқтап қалған республика балаларыныӊ газетасы «Жеткиншек»ти қайта шөлкемлестириў бойынша ойласыққа өз қабыллаўына шақырды,-деп сол жылларды еске алады Қарақалпақстан халық жазыўшысы Гүлайша апа Есемуратова.-Соӊынан бизлердиӊ арамыздан Әденбайды газетаға редактор, Сағыйдулла Аббазовты жуўаплы хаткер етип жумысқа бекитти. Ал, мен ҳәм Перида Әбдираманова газетаныӊ бөлим баслықлары болып жумыс басладық. Ол ўақытлары бәримизде жас болғанлықтан газетаныӊ қызықлы ҳәм тартымлы шығыўы ушын аянбастан хызмет еттик. Периданы 1959-жылы Әденбай Тәжимуратов Жазыўшылар аўқамына жумысқа кеткеннен соӊ, республикамыз басшылары «Жеткиншек» газетасына редактор етип тайынлады. Ол оғада жақсы, мийнеткеш ҳәм ақкөкирек қыз еди. Күни-түни газетаныӊ сапалы шығыўы ушын жәмәәтимиз ағзалары менен аўызбиршиликли түрде мийнет етти. Полиграфкомбинатта ислейтуғын Жумабай атлы талантлы жигит пенен турмыс қурып, 2 қыз, 2 уллы болды. бир неше балалы болды. Буннан соӊғы жыллары да бизлер өз-ара қатнасып турдық. Қазақстанға көшип кеткеннен соӊ, күйеўи Жумабай Медетбаев театр ҳәм кинофильмлерди белгили роллерди атқарып, Қазақстан халық артисти атағын алды. Мине булардыӊ барлығында кәсиплесимиз Периданыӊ мийнети бар-ғой. Ол журналистлик талант пенен қоса бир үйди үй қылатуғын боласынлы нашар еди.

ҚАЗМУди тамамлап келген, жүрегинде жаслық жигер жайнап турған журналисттиӊ сол жыллары ашық талабанлары көп болған. Бирақ, ақыллы ҳәм дүнья танымы кеӊ апамыз кеўил сарайы бай инсан менен турмыс қурғанды жөн көретуғын еди. Сонлықтан ол усы талабанлар арасынан кеўил сарайы бай, мәдениятлы, хошҳаўаз Ташкент театр көркем өнери институтында тәлим алып атырған студент  Жумабай Медетбаев пенен танысып, оныӊ менен турмыс қурады ҳәм 1960-жылы олардыӊ туӊғышы Гүлайым дүньяға келеди. Соӊынан 1962-жылы Салтанат атлы перзентли болады. Усы арада Жумабай аға Ташкенттеги оқыўын Алма-ата қаласындағы Қурманғазы атындағы Қазақ мәмлекетлик консерваториясына өзгертеди ҳәм институт жолламасы менен Қарағанды қаласындағы С.Сейфуллин атындағы драма театрына жумысқа жибериледи. Әлбетте, шаӊарақтыӊ пүтинлиги ҳәм аўызбиршилигин сақлаў ҳаял адамға байланыслы. Сонлықтан халқымыз ҳаялларымызды шаӊарағымыздыӊ уйытқысы деп улығлайды. Бундай тәрийпти биз Перида апамызға да қоллансақ орынлы болады деп ойлаймыз.

Шаӊарақтағы татыўлықты беккемлеўди нийет еткен Перида апа балалары менен бирге Қазақстанға көшиўге мәжбүр болады. Талантлы актёр ҳәм хошҳаўаз қосықшы Жумабай Медетбаев Қарағанды театрында ислеп жүрип-ақ, пайтахт Алма-атадағы басшылар нәзерине илинеди ҳәм олардыӊ мирәтине бола М.Әўезов атындағы Қазақ миллий академиялық драма театрына жумысқа орналасады. Ал, Перида апамыз болса, Қазақстан телевидениесине редактор болып жумысқа өтеди. Перида Әбдираманова телевиениеде ислеп жүрип, «Қазақтелефильм» студиясы менен де тығыз бирге ислеседи ҳәм бир қанша ҳүжжетли ҳәм музыкалы фильмлерге сценарийлер жазады. 1969-жылы болса, Дәўрен атлы уллы болады.

Ал, өмирлик жолдасы Жумабай Медетбаев болса, бул жыллар ишинде пүткил Қазақстан ҳәм аўқамға танымалы актёр болып көплеген драма ҳәм кино фильмлерде роллер атқарады. Оныӊ бул мийнетлери Қазақстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары ҳүкимети тәрепинен ылайықлы баҳаланып, оған 1980-жылы Қазақстанға хызмет көрсеткен артист, 1993-жылы Қарақалпақстан халық артисти, 1998-жылы Қазақстан халық артисти ҳүрметли атақлары бериледи.

Әлбетте, Жумабай Медетбаевтыӊ бундай жоқары жетискенликлерге ерисиўинде Перида апамыздыӊ тутқан орны айрықша. Буны Жумабай ағамыз да, олардыӊ перзентлери де жақсы түсинген. Сонлықтан  өмирлик жолдасы ҳәм перзентлери апамызды өз  алақанында әлпешлеп, ҳүрмет етеди.

1989-жылға шекем Қазақстан мәмлекетлик телерадиокомпаниясында жумыс ислеген Перида апа Әбдираманова усы жыллар ишинде Қазақстан Республикасы ҳүкимети ҳәм тараў басшылары тәрепинен бир неше мәрте Ҳүрмет жарлықлары  ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланған.

Бүгинги күни 90 жасқа қәдем атқан апамыздыӊ  еле де тәндар ҳәм қуўнақ. Базда қарақалпақша қосықларды ырғағына салып, сайратып жибереди. Туўылған жердиӊ сағынышы қояма?!  Перзентлери ҳәм оннан өрбиген ақлық-шаўлықларыныӊ қушағында, қарақалпақша қосықларды айтып қәриялықтыӊ бахытлы күнлерин кеширмекте. Перида апамыз бенен болған телефон арқалы сөйлескенимизде, ол өзи туўылып өскен жери Қарақалпақстанды, редакцияда ислескен кәсиплеслерин тереӊ ҳүрмет пенен еске алды. Сондай-ақ, быйылғы жылы өзиниӊ журналистикадағы дәслепки жумыс баслаған «Жеткиншек» газетасыныӊ 90 жыллық юбилейин белгилеп атырғанлығын еситип шексиз қуўанышқа бөленди ҳәм улы Дәўрен апамыздыӊ денсаўлығы көтерсе самолёт пенен газетаныӊ байрамына алып баратуғынлығын айтып өтти.

Қулласы, Перида апа Әбдираманова менен сөйлесер екенбиз, Екинши жер жүзилик урыс жылларындағы аўылларымыздағы аўыр турмыс ҳәм оннан соӊғы жыллардағы Қарақалпақстанныӊ мәдений раўажланыўы, соныӊ ишинде миллий баспасөзимиздиӊ жанлы тарийхы сәўлеленгендей болады. Мақаламыз соӊында өзге журтта да өз орнын таўып ели ушын мүнәсип хызмет еткен теберик Перида апа Әбдираманованы елимизге кирип келген бәҳәр байрамы менен қызғын қутлықлап, оған еле де беккем денсаўлық, шаӊарағына аман-есенлик тилеймиз. Илайым, халқымыз бахтына усындай мәрт ҳәм пидайы ҳаял-қызларымыз аман болсын!

 Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.