Бир қатар ҒХҚ ўәкиллериниң мүрәжатына муўапық, Өзбекстан Республикасының Украинадағы елшиханасы тәрепинен Харьков қаласында дипломатиялық ўәкилханаға тийисли транспорт қуралы зыянланғаны ҳаққындағы хабарлар тастыйықланды.

Дипломатиялық ўәкилхананың мәлимлемесине бола, пуқараларымыздың қәўипсизлигин тәмийинлеўге байланыслы оператив мәселелерди шешиў ўақтында автомобильлер туратуғын орнында турған елшихананың микроавтобусы шрапнель тәрепинен зыянланған.

Ҳәдийсе ақыбетинде Өзбекстан пуқаралары, елшихана хызметкерлери жарақатланбаған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги