1-март – Зульфия туўылған күн

(Шайыр Зульфияға)

 Мәргия атлы шөп бар емиш деп,

Бала гезде еситкенбиз көп,

Қайсы бир қус сол шөпти тислеп,

Сайрар екен… Айтшы сен, жанан,

Сениңдағы барма мәргияң?

 

Мәкан етип жапырақ арасын,

Сайрағанда қус өз намасын,

Жолаўшылар оның уясын,

Излер екен шарқ урып, ҳайран,

Барма деймен сондай мәргияң.

 

Сен сөйлесең, сениң тилиңнен,

Бүлбил даўысын еситемен мен,

Бир сыңқ етип күлген күлкиңнен,

Ишпей-жемей мен болдым пьян…

Айтшы жаным, бар-ма мәргияң?

 

Сен қасымнан жүрип өткенде,

Бир электр жантасар тәнге,

Үйге келип дәрҳал қәлемге,

Асыламан, йош келер маған…

Барма деймен, сирә мәргияң

 

Тартар мени сен сайраған жер,

Бирақ сени жасырар гүллер.

Ояў болсаң, сайра, сен егер,

Егер  уйықлап жатырсаң, оян,

Қуўрамасын тисте мәргияң.

 

Алма, әнар, қатара талың,

Бағларыңның жапырағы қалың,

Даўысың келер, бирақ мәканиң

Қайсы жапырақ астында уяң?

Тартшы мени, болса маргияң.

Ибрайым ЮСУПОВ

1958-жыл

Қарақалпақстан хабар агентлиги