Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайының Қарақалпақстан Республикасы филиалы экспертлери тәрепинен Қарақалпақстан Республикасының 2021-жыл бойынша тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлери динамикасының анализи өткерилди, деп хабар берди «Review.uz» басылымы.

2021-жылда Қарақалпақстан Республикасының улыўма аймақлық өними 2020-жылға салыстырғанда 7,4 процентке өскен ҳәм 26,3 триллион сумды қураған.

Халықтың адам басына улыўма аймақлық өним көлеми болса 13,6 миллион сумды қурап, 2020-жылға салыстырғанда 6,0 процентке өскен.

2021-жыл аймақ эксономикасы ушын оғада табыслы жыл болды. Елимизде әмелге асырылған кең көлемли экономикалық реформалар, соның менен бирге, коронавирус пандемиясы менен байланыслы карантин шеклеўлери жумсартылғаны нәтийжесинде 2021-жылда аймақ экономикасының көплеген тармақларында өсиў динамикасы бақланды.

Мәселен, 2021-жылда аймақта санаат өнимлери өндирисиниң көлеми 16,6 триллион сумды қурап, өткен жылға салыстырғанда 7,4 процентке өсти.

Сондай-ақ, 2021-жылда аўыл хожалығында 2020-жылға салыстырғанда 3,7 процентке өсиў бақланды ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин өндириў көлеми 12,3 триллион сумды қурады.

Соның менен бирге, хызмет көрсетиў тараўында (19,3%), қурылыста (10,5%), көтере саўда айланысында (8,8%) ҳәм тутыныў товарлары өндирисинде (6,1%), жаңадан шөлкемлестирилген киши бизнес субъектлери санында (0,5%) өсиў көрсеткишлери бақланды.

Тийкарғы капиталған бағдарланған инвестициялар 2,1% ке өсти ҳәм олардың көлеми 7,9 триллион сумды қурады.

2021-жылда Қарақалпақстан Республикасының улыўма сыртқы саўда айланысы дерлик 657,2 миллион долларды қурады ҳәм бул 2020-жылға салыстырғанда 21,9 процентке өсти. Аймақтың экспорт көлеми 418,6 миллион доллар ҳәм импорт көлеми 238,6 миллион долларды қураған болып, саўда балансында унамлы сальдо бақланған.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.