Бүгин Москва ўақты менен 17.00-де Украинадағы жағдай бойынша НАТОның жедел саммити өтеди. Бул туўралы АҚШ Президенти Жо Байденниң жумыс кестесинде көрсетилген, деп хабарламақта россияның ТАСС хабар агентлиги.
Саммит жабық форматта, видеоконференция тәризинде өткерилип, Украинадағы және оның дөгерегиндеги қәўипсизлик мәселесин талқылайды. Бул илажға НАТО ағзасы болмаған Финляндия менен Швеция шақырылмақта. Россия Президенти Владимир Путин 24-февраль күни Украинада арнаўлы әскерий операция жүргизиўге буйрық берди. Россия басшысы Украина аймағын басып алыўдың Москва режесинде жоқ екенин айтқан еди. Россияның Қорғаныў министрлиги әскерлериниң Украина қалаларына тиймей, тек әскерий инфраструктураларды истен шығарып атырғанын хабарлаған, ведомствоның хабарлаўынша қарапайым халыққа қәўип дөнип турған жоқ, делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги