Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде Қарақалпақстан Республикасы халық художниги, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Барлықбай Айтмуратовтың «Тарийхтағы балаларым тулғасы» атамасындағы жеке көргизбеси шөлкемлестирилди.
Оның ашылыў салтанатында шығып сөйлегенлердиң атап өткениндей, Қарақалпақстанда жасап, халқы ушын пидайы хызмет еткен қаҳарманлардың келбетин жаратқан, сүўретлеў көркем өнериниң реңли бояў, графика ҳәм театр декорациясы түрлеринде дөретиўшилик алып барған художник Барлықбай Айтмуратов болып табылады.
Художник қарақалпақ халқының тарийхый ўақыяларын ҳәм тулғаларын, үрп-әдетлерин өз дөретпелеринде сәўлелендирип, миллий мийрасымызды сақлап қалыўдағы жанкүйерлиги менен халқымызға белгили. Сүўретшилик өнерине 1974-жылы кирип келди. Өзбекстан Көркем өнер дөретиўшилер аўқамының ағзасы Б.Айтмуратов 1986-жылдан берли Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында дәслеп сахналастырыўшы художник, соңынан бас художник болып иследи.
Театрда ислеген дәўиринде көплеген спектакльлер менен пеъсалардың сахналарын безеўде пидайылық көрсетти. Атап айтқанда, Ашхабад ҳәм Ташкент қалаларында болып өткен халықаралық театр фестивальларында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры жәмәәти менен «Шәрьяр» ҳәм «Заўал» спектакльлериниң, Египет мәмлекетинде ҳәм Ашхабадта болып өткен «Миллий фольклор ҳәм театр өнери» халықаралық фестивалында Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры менен «Тоғыз тоңқылдақ ҳәм бир шеңкилдек» спектаклиниң сахналық көринислерин безеўге қатнасты.
Әмир Темурдың туўылғанының 660 жыллығына бағышланып өткерилген республикалық таңлаўда «Әмир Темур саўаш алдында» картинасы ушын, Бердақ шайырдың 170 жыллығына бағышланып өткерилген «Бердақ художниклердиң нәзеринде» ашық таңлаўында «Бердақ триптих» картинасы менен қатнасып биринши орынды ийеледи. Ол Қарақалпақстан жаслар аўқамы сыйлығының, «Ерназар Алакөз» ири көлемдеги картинасы ушын Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, Өзбекстан Көркем өнер академиясы гүмис медалының ийеси болған болса, өткен жылы «Қарақалпақстан Республикасы халық художниги» ҳүрметли атағы менен сыйлықланды.
Б.Айтмуратов өз картиналары менен Ташкент, Самарқанд, Россияның Москва, Махашқала, Австрияның Сидней қалаларында өткерилген көргизбелерде қатнасты. Ол дөреткен тарийхый жанрлардағы картиналар бүгинги күни Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде сақланбақта. Оның «Ерназар Алакөз», «Маман бий», «Едиге», «Айдос баба», «Қырқ қыз», «Тумарис» ҳәм басқа да тарийхый жанрдағы портрет ҳәм картиналары тамашагөйлерди өткен әсирлердеги бабалар өтмиши, олардың үрп-әдети, миллий кийимлери ҳәм тағыншақлары менен жақыннан таныстырады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери