Украина Президенти Владимир Зеленский шериклеринен Донецк ҳәм Луганск халық республикаларын тән алыў қарары себепли Россия Федерациясына санкция басымын арттырыў бойынша кейинги қәдемлерди күтетуғынын айтты.
Америка Қурама штатлары Россия Федерациясына қарсы биринши санкцияны жәриялады. Санкцияның дизиминде көп санлы сыңар кәрханаларына ийе еки банк, суверен қарыз ҳәм мәмлекеттиң бес «элита ўәкили» бар. Буннан тысқары, америкалыларға ғәрезсизлиги Россия тәрепинен тән алынған Донецк ҳәм Луганск халық республикалары менен саўда, инвестиция ҳәм финанс операцияларын әмелге асырыў қадаған етиледи.
Сол күни Европа Аўқамы сыртқы ислер министрлери ЛХР ҳәм ДХРды тән алғаны ушын санкцияның биринши бөлегин қолланыў ҳаққында қарар қабыл етти. Ғәрезсизликти тән алыў ушын даўыс берген Россия Федерациясы Мәмлекетлик Думасы депутатлары – жәми 351 парламент ағзасы да шеклеў шаралары астында қалады. Санкция Донбасс пенен байланыслар банк секторы ҳәм кәсиплик аўқамы ушын да нәзерде тутылған. Сондай-ақ, дизимге 27 физикалық шахс ҳәм шөлкем қосымша түрде киргизилген.
«Халықаралық жәмийетшиликтиң мүнәсибети қатаң, оператив, өткир болыўы керек. Украина кеше ҳәм бир күн бурын РФға қарсы ЕА, АҚШ, Канада тәрепинен қабыл етилген жаңа санкцияларды енгизиў бойынша қабыл етилген қарарды қоллап-қуўатлайды. Биз санкция басымын күшейтиў бойынша кейинги қәдемлерди күтпектемиз», – деди Зеленский брифингте.
Оның сөзлерине қарағанда, Россия Федерациясына басым негизинде «Арқа ағым-2»ге қарсы санкция да оғада әҳмийетли.
Қарақалпақстан хабар агентлиги