Россия Президенти Владимир Путин Украинада тактикалық ядро қуралының болыўы Россия ушын стратегиялық қәўип есапланатуғынын атап өтти.
– Гәп сонда, Украинада, ҳәттеки тактикалық ядро қуралы пайда болыўының өзи де биз ушын стратегиялық қәўипти билдиреди. Мине соны итибардан шетте қалдырмаў керек, – деди Путин. – Украина совет дәўиринен белгили бир ядролық потенциалға ийе еди. Бул мәмлекетте бир неше ядро блогы бар, ядро санааты жеткиликли раўажланған. Украинада мектеп бар, усы бағдарда ислеп атырған басқа да мәмлекетлерден көре мәселени тезирек шешиў ушын имканиятлар толы.
Путинниң айтыўынша, украинларға тек ғана уранды байытыў системасы жетиспейди. Негизинде, бул үлкен машқала емес, аңсат шешилетуғын ис.
Украина президенти Владимир Зеленский Мюнхен конференциясында қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша Будапешт меморандумы қатнасыўшылары менен сөйлесиў шөлкемлестирилиўин билдирген еди. Бул ҳүжжет Ядро қуралын тарқатпаў бойынша шәртнамаға қосылғаны ушын Украинаға қәўипсизлик кепиллигин бериўди нәзерде тутады. Зеленский сөйлесиў өткериўди сыртқы ислер министрлигине тапсырған. Украина президентиниң атап өтиўинше, егер сөйлесиў болмаса ямаса нәтийже бермесе, яғный Киев ушын қәўипсизлик кепиллигин тәмиийнлемесе, «Украина Будапешт меморандумы жумыс ислемей атыр, деўге ҳәм 1994-жылғы қарарлар топламы ҳақыйқый екенине гүманланыўға толық ҳақылы».
Қарақалпақстан хабар агентлиги