Республикамызда 2022-жылдың өними ушын, жәми 2500ге шамалас жерден пайдаланыўшыға тийисли 100 мың гектарға жақын майданда шүдигарлаў жумыслары алып барылды.
Аўыл хожалығында жақсы өним алыў ушын атызларды егиске таярлаўда шүдигарлаў үлкен әҳмийетке ийе. Соның менен бирге, республикамызда шорланған жерлер көп болғанлығы себепли, ол жерлерди егиске таярлаўда шор жуўыў жумыслары да әҳмийетли болып есапланады.
Республикамыз бойынша жәми суўғарылатуғын жерлердиң майданы 517133 гектарды қурайтуғын болса, соның 366 мың гектардан асламы шорланған жерлер болып есапланады. Соның ишинде, 20 мың гектардан асламы күшли, 182 мың гектардан асламы орташа, ал 163 мың гектардан зыяты аз шорланған жерлер болып есапланады.
Сонлықтан, быйылғы жылдың январь айынан баслап, 152 мың гектарға шамалас атыз майданларының шорын жуўыў ушын тегислеў белгиленген болып, бир күнде 212, ал мәўсим басынан 147948 гектар жер (97,4 процент) тегисленип, шорын жуўыў ушын суўғарыў жумыслары алып барылмақта.
– Мапаз даўамында республикамыз бойынша, жәми 225800 гектар жердиң шорын жуўыў белгиленген,-дейди Аўыл хожалығы министрлигиниң суўға болған талапты режелестириў ҳәм метрология бойынша қәнигеси Ш.Оразбаев. – Бир күнде 2535 гектар, ал, мәўсим басынан берли 20311 гектар жер шор жуўыў ушын суўғарылды.
Соннан пахта майданларындағы, шор жуўыў ушын суўғарылатуғын жерлерден биринши шорын жуўыў жумыслары 86291 гектар майданда алып барылыўы белгиленген болып, бир күнде 1980, ал мәўсим басынан берли 14961 гектар жер суўғарылды. Екинши шор жуўыў жумыслары 64391 гектар жерде алып барылыўы режелестирилген.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги