Мәмлекетимиз басшысы мәҳәллелердиң турмысы, санаат жойбарлары менен танысыў мақсетинде 18-февраль күни Ташкент қаласының Янгиҳаят районында болды.

Янгиҳаятта бүгин өмир қайнамақта. Бурын Сергели районына қараған бул аймақта қысқа пурсатта жүзлеген көп қабатлы жайлар бой тикледи, мыңлаған шаңарақлар кишкене ўатанлы болды. Метро линиялары тартылды. Жоллар, көпирлер қурылды, жасаў ушын қолайлы инфраструктура жаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы Янгиҳаятқа буннан алдыңғы сапарында халықтың саны артып атырғанын есапқа алып жаңа кәрханалар, өндирислик обьеклерди қурыў, жумыс орынларын жаратыў зәрүрлигин айтқан еди. Бүгин Президентимиздиң басламалары бирме-бир турмысқа енгизилмекте. Ҳәзирги ўақытта районда ири санаат кәрханасы – 10 ға жетти. 2 мыңнан аслам киши бизнес субъекти жумыс алып бармақта.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп «Алмерро груп» жуўакершилиги шекленген жәмийетиниң кондитер кәрханасын көзден өткерди.

Улыўма нырқы 70 миллиард сум болған бул кәрхана еки басқыштан ибарат. Өткен жылы ноябрьде биринши басқыш иске қосылды. Жаңа имарат қурылып, Түркиядан заманагөй технологиялар алып келинип орнатылған.

Бүгинги күнде кәрхана жылына 2 мың тоннаға шамалас кондитерлик өнимлерди таярлаў қуўатлылығына ийе. Бул жерде шоколад, конфет, печенье, вафли сыяқлы 95 түрдеги өним ислеп шығарылады. 120 адам жумыс пенен тәмийинленген.

Мәмлекетимиз басшысы кондитер өнимлериниң сапасын көрди.

– Сапасы жақсы, сырт елдики менен еркин бәсекилесе алады. Тек ғана баҳаны түсириў бойынша және имканият бар. Мәселен, импорт етилип атырған қосымшаларды шийки зат түринде алып, усы жердиң өзинде таярлаў жолға қойылса, өзине түсер баҳасын 10-15 процент арзанлатыў мүмкин. Сонда өнимлер жақсы сатылып, қосымша жумыс орынларын ашыў имканияты пайда болады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Кәрхананың екинши басқышы пайдаланыўға тапсырылғаннан соң жыллық қуўатлылығы 10 мың тоннаға жетеди. Өнимлердиң бир бөлегин қоңсылас мәмлекетлерге ҳәм Монғолияға экспорт етиў мөлшерленген.

2021-жыл 4-февраль күни Өзбекстан Президентиниң «Ташкент қаласында «Янгиҳаят» индустриаллық технопаркин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.

Мәмлекетимиз басшысы Янгиҳаят районына сапары ўақтында усы технопарк қурылатуғын майданда болды.

Бул комплекс ушын 210 гектар майдан ажыратылған. Соннан 150 гектары еки басқышта аукцион саўдаларға шығарылды. Исбилерменлер сатып алынған жердиң мүлк ийеси болады ҳәм кәрханаларды өзлери қурады.

Ташкентте жер жетиспейди, келешекте бундай майданлар табылмайды. Ҳәр бир қарыс жерден өнимли пайдаланыў керек. Соның ушын кәрханалар көп қабатлы етип қурылғаны мақул, – деди Президент.

Бул жерге жайластырылатуғын кәрханаларда 20 мың жумыс орны жаратылыўы мөлшерленген. Улыўма алғанда, технопарк өндиристи кеңейтиўге, санаат тармақларына заманагөй технологияларды енгизиўге, сол тийкарда халықты жумыс пенен тәмийинлеўге хызмет етеди.

Бул жерде Янгиҳаят районындағы кәрханалардың өнимлери де көрсетилди.

Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев  Дослық мәҳәллесиниң турмысы менен танысты.

Бул жерде 11 көп қабатлы жай болып, 4 мыңнан аслам халық жасайды. Мәҳәлле аймағында кәсип-өнер колледжи, мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси, дәриханалар, дүкан ҳәм турмыслық хызмет көрсетиў шақапшалары бар.

Бурын бул жер бираз итибардан шетте қалған еди. Өткен жылы «Абат мәҳәлле» бағдарламасы шеңберинде аймақ абаданластырылды. Балаларға ойын ҳәм спорт майданшалары саўда және дүканлар қурылды.

Мәмлекетимиз басшысы сол қурылыс жумысларын көзден өткерди. Мәҳәлле баслығы, ҳәким жәрдемшиси менен сәўбетлести.

– Халқымыз мине усындай абат, шырайлы орынларда жасаўға мүнәсип. Жумысларды мәҳәлле кесиминде шөлкемлестириўден мақсет сол. Енди бул жерде орталық, қоңсышылық, аўызбиршилик те беккем болыўы керек. Миллий қәдириятларымыздағыдай илажлар шөлкемлестирилиўи мүмкин, – деди Шавкат Мирзиёев.

Пуқаралар жыйынының жаңа имаратында мәҳәлле белсендилери, нураныйлар менен гүрриңлесиў болды.

– Бул – мәмлекеттиң негизи, -деди Президентимиз. – Мәҳәлле абат болса, мәмлекет абат болады. Көрип атырсызлар, заман қәўетерли болып тур. Машақатсыз шаңарақ болмағанындай, машақатсыз мәмлекеттиң өзи жоқ. Биз де сабырлылық пенен, илим менен, мийнет ҳәм ҳәрекетимиз бенен режелеримизди әмелге асырып атырмыз.

Мәмлекетимиздеги жаңа система тийкарында Янгиҳаят районындағы 30 мәҳәллеге де ҳәким жәрдемшилери ҳәм жаслар жетекшилери тайынланған.

– Бурын адамлар машқалалар бойынша ҳәкимиятқа баратуғын еди, хатлар жазатуғын еди. Енди ҳәр бир мәҳәлледе Президенттиң ўәкиллери бар. Енди олар шаңарақларды үйренип, жәрдемге мүтәж шаңарақларға жәрдем бериў, жумыссызларды кәсип-өнерге оқытыў, жеңилликли кредит ҳәм субсидиялар ажыратыў бойынша жумысларды жолға қойыўы зәрүр, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Мәмлекетимиз басшысы Ташкент айланба жолы бойынша «бокс стрит» қурыў жойбары менен де танысты.

Жол бойында шөлкемлестирилетуғын бундай комплекслер дүнья тәжирийбесинде бар. Онда күни-түни ислейтуғын саўда, аўқатланыў ҳәм турмыслық хызмет шақапшалары болады. Оларды арзан ҳәм тез қурыў мақсетинде жүк контейнерлеринен пайдаланылмақта.

Бул ушын 7 гектар жер ажыратыў режелестирилген. Объектлер исбилерменлерге электрон-онлайн аукцион арқалы сатылады. Оларда 500 ден аслам жумыс орны жаратылыўы нәзерде тутылған.

Президент Ташкент қаласында ҳәрекетленип атырған электробусты да көзден өткерди. «Жасыл» транспорт системасын раўажландырыў, метрополитенниң кейинги басқышларын ҳәм трамвай жөнелисин белгилеў бойынша көрсетпелер берди.

Шавкат Мирзиёев Янгиҳаят районындағы «Ташкент индекс» саўда ҳәм хызмет көрсетиў комплексин барып көрди.

Комплекстиң аймағы 72 гектар. 1 триллион 300 миллиард сум есабынан саўда дүканлары, логистика ҳәм экспо орайлары, мийманхана, асхана қурылмақта. Оларда жәми 13 мың жаңа жумыс орны жаратылады. Жойбардың биринши басқышы быйыл Наўрыз байрамы алдынан иске түсириледи.

Усы жерде Янгиҳаят ҳәм Сергели районларын экономикалық-социаллық раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис өткерилди.

Өткен жылы Янгиҳаят районында 600 жойбар әмелге асырылып,  3 мыңнан аслам жумыс орны ашылғаны атап өтилди. Сергели районында  65 жойбардың нәтийжесинде  2 мың  600 жумыс орны шөлкемлестирилген. Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, поликлиникалар, спорт майданшалары қурылған. Ишки жоллар, коммуналлық тармақлар оңланған.

Мәжилисте быйылғы ўазыйпалар көрсетип өтилди.

Быйыл Янгиҳаят  районында жәми нырқы 3,8 триллион сум болған 61 жойбарды әмелге асырып,  26 мың жаңа жумыс орнын жаратыў режелестирилген.

«Жаңа қала» жойбары шеңберинде 5 миллион квадрат метр турақ-жай, көплеген социаллық тараў объектлери қурылады. «Йўлдош» проспектиндеги ески ағаш жайлар бузылып, олардың ийелерин заманагөй турақ жайларға көшириў бағдарламасы басланады.

Халық тығыз жайласқан мәҳәллелерде үш балалар бақшасы, еки мектепте қосымша имарат қурылады. Жәмийетлик пикир тийкарында халықтың машқалаларын шешиўге 3,2 миллиард сум қаратылады.

Сергели районында улыўма нырқы 6,4 триллион сум болған 79 инвестициялық жойбар әмелге асырылып, 31 мың турақлы жумыс орнын жаратыў мөлшерленген. Соның ишинде, «Алютекс» кәрханасында алюмин профиллер, «Резалит строй груп» кәрханасында электрокардың аўысық бөлеклерин ислеп шығарыў жолға қойылады.

2 мектеп, 2 балалар бақшасы ҳәм шаңарақлық поликлиника қурылады. «Әлийшер Наўайы» проспектинде Жаңа Өзбекстан массивин қурыў жумыслары басланады.

Мәжилисте Ташкент қаласы районларының ҳәким ҳәм сектор басшылары шығып сөйледи. Ҳәким жәрдемшилериниң қатнасыўында экономикалық, жаслар жетекшилери менен социаллық жойбарларды әмелге асырыў режелери ҳаққында мағлыўмат берилди.

Оған бола, ҳәким жәрдемшилери мәҳәллелерде исбилерменлик субъектлерин шөлкемлестириўде, бәнтликти тәмийинлеўде, пуқараларды кәсип-өнерге оқытыўға бағдарлаўда белсендилик көрсетеди.

Жаслар жетекшилери де өз мәҳәллесиндеги жаслардың машқалаларын турақлы үйренип, олардың бизнес идеяларын әмелге асырыўға жәрдем береди ҳәм бос ўақытларын мазмунлы өткериў, спортқа ҳәм китап оқыўға тартыўда жетекши болады.

Президентимиз оларға әҳмийетли тапсырмалар берди ҳәм жумыста жигерлилик, интакерлик, ўатанды сүйиў сыяқлы пазыйлетлер зәрүр екенин атап өтти.

 

Зиядулла ЖАНИБЕКОВ,

Абдулазиз МУСАЕВ,

ӨзАның хабаршылары