Франция президенти Эммануэль Макрон сырт еллер, соның ишинде, Россия да социаллық тармақларда Францияға қарсы хабарлар тарқатыўға қәўендерлик етпекте, деди.

«Социаллық тармақларда не болып атырғанынан хабарым бар. Соны да атап өтпекшимен, Францияға қарсы билдириўлерди жәриялап атырған шолыўшылардың көпшилиги Россия ҳәм басқа да мәмлекетлер тәрепинен қәўендерлик көрсетилип атырған белсендилер болып табылады», дед иол пийшемби күни болып өткен баспасөз әнжуманында.

Макронның айтыўынша, социаллық тармақлардағы бул хабарлар Африкалы жетекшилерге де соққы болмақта. Сонлықтан ол жалған хабарлар тарқатылыўына ҳәм зорлықларға шақырыўға қарсы гүресиў ушын «қуралланыў» керек екенин атап өтти.

Оның мәлим етиўинше, «Малиге сапар етиўи ўақтында адамлар франциялы әскерлер олардың қәўипсизлигин тәмийинлеп атырғанын көрип атырғанына гүўа болған, сондай-ақ, жалған хабарларды тарқататуғын сатып алынған белсендилерди де ушыратқан» «Сонлықтан, басшы сыпатында бизиң ўазыйпамыз бундай шығыўларды қаралаў, журналист сыпатында сизлердиң ўазыйпаңыз болса, ҳақыйқатты айтыў», деди ол журналистлер берген сораўға жуўап ретинде.

Қарақалпақстан хабар агентлиги