Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Майыплығы болған шахслар, әсиресе, турақлы күтимге мүтәж болған балаларды бағып атырған шаңарақларды мәмлекет тәрепинен социаллық қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў, социаллық жәрдемниң заманагөй механизмлерин әмелге асырыўда жаңа қатнасты енгизиў мақсетинде:

  1. 2022-жыл 1-апрельден баслап мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы және мийнет стажы толық болмаған ўақыттағы майыплық пенсиясының ең аз муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда – 440 000 сумнан 622 000 сумға шекем көбейтилсин.
  2. 2022-жыл 1-апрельден баслап:

а) басқалардың күтимине мүтәж майыплығы болған 18 жасқа шекемги балалардың (кейинги орынларда – басқалардың күтимине мүтәж балалар) күтими менен бәнт болған баланың нызамлы ўәкилине ҳәр айда 500 000 сум муғдарында напақа төлеми (кейинги орынларда – күтим напақасы) енгизилетуғыны.

Бунда күтим напақасын төлеў ҳәм жеткерип бериў қәражетлери Өзбекстан Республикасының республикалық бюджет қаржыларының есабынан қапланатуғыны;

б) күтим напақасы пуқаралардың Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Бирден бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталына мүрәжатлары тийкарында бюджеттен тыс Пенсия қорының районлық (қалалық) бөлимлери тәрепинен тайынланатуғыны ҳәм төленетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги (А.К.Инаков) Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.А.Мусаев) пенен биргеликте төмендеги мағлыўматларды бюджеттен тыс Пенсия қорына электрон тәризде усынып барыўды тәмийинлесин:

2022-жыл 1-апрельден баслап өзгелердиң күтимине мүтәж балалар ҳаққындағы мағлыўматларды;

2022-жыл 1-октябрьден баслап өзгелердиң күтимине мүтәж балалардың нызамлы ўәкиллери ҳаққындағы мағлыўматларды.

  1. Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги (А.К.Инаков), Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.А.Мусаев) пенен биргеликте 2022-жылдың октябрь айынан баслап 18 жасқа шекемги балаларға төленетуғын напақаларды және күтим напақасын пуқаралардан қосымша қәрежетлерди талап етпеген ҳалда «проактив тәриз»де тайынлаў системасын енгизсин.
  2. Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов):

усы Пәрманда белгиленген илажлар менен байланыслы қәрежетлер бюджеттен тыс Пенсия қорының қосымша дәраматлары және қордың республикалық бюджеттен ажыратылыўы нәзерде тутылған трансфертлердиң есабынан қаржыландырылыўын тәмийинлесин;

келеси жылларда Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети параметрлеринде усы Пәрманның әмелге асырылыўы менен байланыслы қәрежетлерди нәзерде тутсын;

мәпдар министрликлер ҳәм  уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Қаржы министрлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги усы Пәрманның мақсети, ўазыйпалары ҳәм оннан күтилип атырған нәтийжелерди ғалаба хабар қуралларында, Интернет ҳәм социаллық тармақларда кеңнен сәўлелендириў жумысларын шөлкемлестирсин.
  2. Басқалардың күтимине мүтәж болған 18 жасқа шекемги балалардың кеселликлериниң дизими қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер етип қаржы министри Т.А.Ишметов ҳәм Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлигиниң директоры А.К.Инаков белгиленсин.
  4. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қучқаровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти   Ш.Мирзиеёев

Ташкент қаласы,

2022-жыл 17-февраль