Усы жыл 16-февраль күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында профессор-оқытыўшылар ҳәм филиалдың “Тумар” ансамбли тәрепинен концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди. Оған филиал профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар ҳәм олардың ата-аналары, сондай-ақ, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдиев, Филиал директоры А.Аяповлар шығып сөйлеп, елимизде көркем өнер ҳәм мәденият тараўына қаратылып атырған итибар, сондай-ақ, жасларды көркем өнердиң барлық түрине кеңнен қамтып алыў бағдарында жүргизилип атырған жумысларға айрықша тоқтап өтти. Сондай-ақ, филиалдың «Кино ҳәм телевидение режиссёрлығы» тәлим бағдарының 3-курс студенти Азизбек Алламуратовты 2021-2022 оқыў жылы ушын Ислам Каримов атындағы мәмлекетлик стипендиясы жеңимпазы болғаны менен қызғын қутлықлады, – деп хабар береди филиалдың баспа сөз хызмети.
Илажда атап өтилгениндей, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы 2008-жыл шөлкемлестирилген болып, бүгинги күнде филиалда 9 тәлим бағдары бойынша мыңнан аслам студент-жаслар билим алмақта. Оларға 59 профессор-оқытыўшы билим берип, соның ишинде, төрт профессор, он илим кандидаты, үш доцент, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артистлери, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артистлер, Қарақалпақстан халық бақсыларының бар екенлиги жәмәәт ушын үлкен мақтаныш есапланады. Әлбетте, усындай устазлардан билим алған жаслар арасынан келешекте драматург, бәлент лапызлы бақсылар, эстрада қосықшылары ҳәм басқа да көркем өнер ҳәм мәдениятмыздың раўажланыўында үлес қосатуғын талант ийелери жетилисип шығады, деп ойлаймыз.
Филиалдың шөлкемлестирилгенине он жыл толыўы мүнәсибети менен, яғный, 2018-жылы студент-жаслардың мәденият ҳәм көркем өнерге болған қызығыўшылығын арттырыў, оларға қарақалпақ, өзбек ҳәм басқа да халықлардың миллий ойын үлгилерин кеңнен үйретиўде филиалда “Тумар” ансамбли шөлкемлестирилгенлигин мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз тийис. Бүгинги күнде “Тумар“ ансамбли елимиздиң Ғәрезсизлик, Наўрыз байрамлары ҳәм басқа да илажларда өзлериниң концерт бағдарламалары менен қатнасып, халқмыздың жүрек төринен орын алып келмекте. Бул ансамбльдиң тийкарын салыўшы “Халық дөретиўшилиги” кафедрасының балетмейстр ҳәм хореография пәни оқытыўшысы Есназар Халмуратов ҳәзирги ўақытқа шекем ансамбльге көркемлик жақтан басшылық етип келмекте.
Жанлы ҳаўазда атқарылған йошлы қосықлар қатнасыўшыларда айрықша тәсир қалдырды. Илаж соңында “Тумар“ансамбль жәмәәти ҳәм оның көркемлик жақтан басшысы Е.Халмуратовлар Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
Г.Жартыбаеваның түсирген сүўретлери.