Усы жылдың 9-27-январь күнлери Қытайда 23 жасқа шекемги футболшылар арасында өткерилген Азия чемпионатында Өзбекистан жаслар сайланды командасы алтын медальды қолға киргизди.
Пайтахтымыздағы «Өзбекистан» мийманханасында жеңимпаз спортшыларымызды қутлықлаўға бағышланған мәресимде Өзбекистан футбол ассоциациясы басшылары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, спортшылардың ата-аналары, жақынлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Елимизде дене тәрбия ҳәм спортты раўажландырыў, жас әўладты ҳәр тәреплеме саламат ҳәм бәркамал инсанлар етип тәрбиялаўға қаратылып атырған турақлы итибар бүгин және де жоқары басқышқа көтерилмекте. Президентимиздиң 2017-жыл 3-июньдеги «Дене тәрбиясы ҳәм ғалаба спортты буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы, 9-марттағы Өзбекистан спортшыларын 2020-жыл Токио қаласы (Япония)нда болып өтетуғын XXXII жазғы Олимпиада ҳәм XVI Паралимпия ойынларына таярлаўға байланыслы қарары спортшыларымыздың халықаралық көлемдеги абыройлы жарысларға ҳәр тәреплеме пуқта таярланыўында ҳәм мүнәсип қатнасыўында, сайланды командаларды жаңа талантлылар менен байытыўда әҳмийетли фактор болмақта.
Жас футболшыларымыздың Азия чемпионатында ерискен жоқары жеңиси де, әне, усындай үлкен реформалардың, итибар ҳәм ғамқорлықтың әмелий нәтийжеси болып табылады.
Азия чемпионатында континетимиздиң он алты мәмлекетинен сайланды командалар жеңимпазлық ушын беллести. Өзбекистан жаслар сайланды командасы ағзалары халықаралық спорт жәмийетшилигине өз имканиятларын көрсетти, дүньяның цивилизациясына мүнәсип үлес қосқан қаншадан-қанша уллы инсанлардың мүнәсип мийрасқорлары, Өзбекистандай уллы журттың мүнәсип перзентлери екенин дәлилледи.
Тийкарында пүткил дүньяда үлкен қызығыўшылық пенен тамаша етилетуғын миллионлар ойыны болып есапланған футбол бойынша ҳәр қандай абыройлы жарыста жоқары нәтийжеге ерисиў аңсат емес. Өзбек футболы тарийхында бундай жоқары нәтийжелер ҳәр жылы да жазыла бермейди.
Өзбекистан футболшылары 1994-жылы Хиросимада өткен Азия ойынларында ҳәм 2011-жылы Иранда өткен жас өспиримлер арасындағы Азия чемпионатында жеңимпаз болған еди.
Азия футбол конфедерациясы тәрепинен Қытайда өткерилген Азия чемпионатының кескин ҳәм қарсылықлар менен өткен жарысларында Өзбекистан жаслар сайланды командасы ағзалары сабыр-тақатта, қәбилет ҳәм шеберликте қарсыласларынан ҳәр тәреплеме үстем екенин дәлиллеп, орынлы жеңиске еристи.
Футболшыларымыз «А» топарындағы биринши ушырасыўда қатарлы теңлеслерине имканиятты қолдан берген болса да, кейинги беллесиўлерде Қытай ҳәм Оман жаслар сайланды командаларын жеңди. Шерек финалда Япония жасларын 4:0, ярым финалда Қубла Корея ўәкиллерин 4:1 есабында жеңди.
Жарыстың аўыр ҳаўа-райы шараятында өткен финаллық беллесиўлеринде футболшыларымыз Вьетнам жаслар сайланды командасы үстинен 2:1 есабында жеңиске ерисип, Азия чемпионы болды. Өзбекистан сайланды командасының ярым қорғаўшысы Одилжон Ҳамробеков АФК тәрепинен жарыстың ең пайдалы футболшысы, деп табылды. Оған «Тoyota» компаниясы тәрепинен 20 000 АҚШ доллары муғдарында сыйлық берилди.
Жас футболшыларымыздың тарийхый жеңиси халқымызға үлкен қуўаныш ҳәм шадлық бағышлағанын, олардың жүрегинде мақтаныш сезимлерин толқытып жибергенин сезиў қыйын емес. Пүткил халқымыз бул жеңисти үлкен толқынланыў ҳәм қуўаныш пенен қарсы алды.
– Жаслар арасындағы Азия чемпионатын үлкен толқынланыў менен бақлап бардық, – дейди Акмалжон Мадвалиев. – Шынын айтқанда, усы абыройлы жарыста жоқары табысқа ерискен футболшыларымызға жүдә ҳәўес еттим. Олардың даўрығы жер жарған жеңиси биз, жаслардың өзимизге болған исенимимизди және де беккемлеп, жаңадан-жаңа шеклерге исенимли қәдем таслаўымызда көтеринки руўх бағышламақта.
… Мине, асығып күтилген демлер – футболшыларымыз пайтахтымыздағы «Өзбекистан» мийманханасына кирип келмекте. Кернай-сырнай сазлары жаслардың «Өзбекистан!» деген тәкирар ҳәм тәкирар ҳаўазына уласып кетеди. Оларды руўхланыў менен ата-аналары, жақынлары, теңлеслери қызғын қутлықламақта. Жүреклеримизден шексиз мақтанышқа суўғарылған жақсы тилеклеримиз бийықтияр тилимизге, көзимизге көшеди: «Жеңис мүбәрек, жас чемпионлар! Сизлер пүткил дүньяға Өзбекистан жасларының жоқары потенциалын көрсеттиңиз!».
– Президентимиз Шавкат Мирзиёев бизди жеңисимиз бенен қутлықлағанынан қуўанып, жүрегимиз мақтанышқа толды, – дейди жас футболшы Рустамжон Ашурматов. – Президентимиздиң жоқары итибарын, шын жүректен айтқан сөзлерин оқып, көзимизге жас келди. Келешекте буннан да үлкен табысларды қолға киргизиўде бар күш-жигеримиз бенен ҳәрекет етемиз.
– Ерисилген жеңиске қосылған үлес командамыздың ҳәр бир ағзасына мақтаныш сезимлерин бағышламақта, -дейди Забиҳилло Уринбоев. – Халықаралық майданлардағы жеңислеримиз елимизге жаслардың футбол менен шуғылланыўы, қәбилетин көрсетиўи ушын жаратылып атырған кең имканиятлардың нәтийжеси болып табылады.
– Азия чемпионатының финаллық ушырасыўында шешиўши голды урғанымнан, халқымыз ҳәм сайланды командамыздың жеңисине үлес қосқанымнан қуўанышлыман, – дейди Андрей Сидоров. – Бул чемпионатқа биз табыслы қатнасып, өзбек футболшылары ҳеш кимнен кем емес ҳәм кем болмайтуғынын және бир мәрте дәлилледик.
Сайланды командамыз ағзаларына Президентимиз саўғасы – «Malibu» автомобильлери тапсырылды.
Мәресимде Өзбекистан Республикасы Бас министри А.Арипов шығып сөйледи.
Илажға Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи, Жаслар аўқамы орайлық кеңесиниң баслығы Қ.Қуранбоев қатнасты.
Байрам АЙТМУРАТОВ,
Жавоҳир ТОШХЎЖАЕВ,
ӨзАның хабаршылары