Елимизде хызметлер тараўын раўажландырыўға үлкен әҳмийет қаратылмақта. Оның есабынан жалпы ишки өнимди көбейтиў, аўыллық жерлерде хызмет түрлерин, жол транспорт инфраструктурасын раўажландырыў, тармақларға заманагөй мәлимлеме-коммуникациялық технологияларды енгизиў есабынан хызметлер тараўын жетилистириў нәзерде тутылған.
– Тийисли қарар ҳәм пәрманларға муўапық, тараўдағы структуралық өзгерислерди жедел раўажландырыў ушын шараятлар жаратыў, бәсеки орталығын қәлиплестириў, киши ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерин раўажландырыўға көмеклесиў, түрли инновациялық хызметлерди, жаңа байланыс қуралларын, халықтың телекоммуникация тармақларынан пайдаланыўы бойынша техникалық имканиятларын кеңейтиў, солар тийкарында сапалы хызметлер көрсетиў сыяқлы ўазыйпалар да белгиленген,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы Хызметлер тараўы статистикасы бөлиминиң баслығы Бахтияр Тажибеков.
Байланыс ҳәм мәлимлемелестириўдиң республикамыздың экономикасындағы үлесин көбейтиў, ең жаңа электрон, төлем технологияларын енгизген ҳалда финанслық хызметлерди раўажландырыў ҳәм әмелге асырылып атырған басқа да илажлар нәтийжесинде республикамызда 2021-жылдың январь-декабрь айлары жуўмағы менен көрсетилген жәми хызметлердиң көлеми 8307,4 млрд. сумға жетти. Оның өсим пәти 2020-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 119,3 процентти, соннан аўыллық жерлерде 2124,3 млрд. сум, яғный, көрсетилген жәми хызметлердиң 25,6 процентин қурайды.
Ал, хызметлер көлеминде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлериниң үлеси 53,1 процентти қурайды.
Жыл басынан берли халықтың жан басына есаплағанда 4290,8 мың сумлық хызметлер көрсетилген.
Жәми көрсетилген хызметлер көлеминдеги үлкен үлести төмендеги хызмет түрлери қурайды:
- Транспорт хызметлери 2161,1 млрд. сум, үлеси 26,0 процент;
- Саўда хызметлери 1865,3 млрд. сум, үлеси 22,5 процент;
- Финанслық хызметлер 1672,9 млрд. сум, үлеси 20,1 процент;
- Билимлендириў тараўындағы хызметлер 535,8 млрд. сум, үлеси 6,5 процент;
- Байланыс ҳәм мәлимлеме хызметлери 448,6 млрд. сум, үлеси 5,4 процент;
- Жеке хызметлер 317,8 млрд. сум, үлеси 3,8 процент;
- Басқа хызметлер 276,9 млрд. сум, үлеси 3,3 процент;
- Компютерлерди оңлаў бойынша хызметлер 253,9 млрд. сум, үлеси 3,1 процент.
Усы көрсеткишлердиң өзи хызметлер тараўының экономикада тутқан орны оғада әхмийетли екенлигин көрсетип турыпты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги