Усы жылдың 12-март күни Түркменстанда гезектен тыс президент сайлаўы болып өтеди. Бул ҳаққында Түркменстан Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Безирген Караев мәлим етти.
Түркменстан парламенти жоқарғы палатасының гезектен тыс мәжилисинде президент Гурбангулы Бердимуҳаммедов мәмлекетлик басқарыўда жас басшыларға жол бериў зәрүрлиги ҳаққында атап өткен.
«Мен мәмлекет раўажланыўының жаңа басқышында мәмлекетлик басқарыўда бай руўхый орталықта тәрбияланған ҳәм заман талабына сәйкес жас басшыларға жол бериў кереклиги бойынша пикирди қоллап-қуўатлайман», – деп айтып өткен Бердимуҳаммедов.
Түркменстан ғалаба хабар қуралларының хабар бериўинше, сайлаўлар ҳәм референдумларды өткериў бойынша Орайлық сайлаў комиссиясына мәмлекет конституциясы ҳәм нызамшылығынан келип шығып тийисли жумысларды баслаў бойынша тапсырмалар берилген.
«Түркменстан президентиниң тапсырмасына муўапық, мәмлекеттиң Орайлық сайлаў комиссиясы 12-мартта болып өтиўи белгиленген гезектен тыс президент сайлаўына таярлықты баслады», – деп атап өткен Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы «РИА Новости»ға.
Түркменстан президентлигине мәмлекетте туўылған, жасы 40 тан кем болмаған, мәмлекетлик тилди билетуғын, соңғы 15 жылда Түркменстанда турақлы жасаған ҳәм жумыс ислеген пуқара сайланыўы мүмкин. Президент халық тәрепинен 7 жылға сайланады ҳәм ант бергеннен соң усы лаўазымды атқарыўға кириседи. Түркменстанда соңғы президент сайлаўы 2017-жылы болып өткен еди. Нызам бойынша гезектеги президент сайлаўы 2024-жылы болыўы керек еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.