Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Кейинги жылларда мәмлекетимизде Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Матуридий халықаралық илимий-изертлеў орайлары ҳәм Өзбекстан халықаралық ислам академиясы жумысының шөлкемлестирилиўи өзбек жеринде туўылып, илимий жумыс алып барған уллы алым ҳәм ойшыллардың мийрасын илимий изертлеў ҳәм оның нәтийжелеринен әмелий пайдаланыў процесинде жаңа басқышты баслап берди.

Жаңа Өзбекстан раўажланыўының бүгинги басқышында уллы алым ҳәм ойшылларымыздың көплеген бийбаҳа шығармаларын, сийрек ушырасатуғын жазба дәреклерин сақлаў, үйрениў ҳәм келешек әўладқа бийнуқсан жеткериў бағдарындағы жумысларды буннан былай да жеделлестириў айрықша әҳмийетке ийе болып есапланады.

Халқымыздың бийбаҳа мүлки есапланған сийрек ушырасатуғын жазба ҳәм тасбаспа мийрасын сақлаў ҳәм изертлеў системасын буннан былай да жетилистириў ҳәм бул процесске санлы технологияларды кеңнен енгизиў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 16-июльдеги «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының жумысын буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-5168-санлы қарарына муўапық Министрлер Кабинети жанындағы Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы, Илимлер академиясы Абу Райхан Беруний атындағы Шығыстаныў институты ески жазба дәреклерди орайласқан ҳалда сақлаў, изертлеў, олардың жағдайын турақлы мониторинг етиў бойынша жуўапкер мәмлекетлик мәкемелер етип белгиленгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Министрлер Кабинети жанындағы Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы (кейинги орынларда – Орай), Илимлер академиясы Абу Райхан Беруний атындағы Шығыстаныў институты (кейинги орынларда – Шығыстаныў институты ҳәм Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасының (кейинги орынларда – Миллий китапхана) жәмийетшилик ушын ашық болған Ески жазба дәреклер мәмлекетлик реестрин (кейинги орынларда – Мәмлекетлик реестри) қәлиплестириў ҳәм мәмлекет қарамағындағы музейлер, китапханалар ҳәм архив фонлардың жумысына интеграциялаў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Орай Мәмлекетлик реестрди қәлиплестириў ҳәм жүргизиў, сондай-ақ, ески жазба дәреклерин басқышпа-басқыш санластырыў ушын жуўапкер мәмлекетлик мәкеме етип белгиленсин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық Орай:

республика аймағындағы барлық музейлер, китапханалар ҳәм архив фонларында сақланып атырған ески жазба дәреклердиң мәмлекетлик реестрин дүзеди ҳәм турақлы мониторингин жүргизеди;

Мәмлекетлик реестр тийкарында ески жазба дәреклердиң түрлери бойынша (қолжазба, тасбаспа дәреклер, тарийхый ҳүжжетлер) каталоглары ҳәм электрон нусқаларын жаратады, оларды Ески жазба дәреклер мәмлекетлик реестрин жүргизиў бойынша бирден-бир мәлимлеме системасына киргизиў ҳәм турақлы толықтырып барыў илажларын көреди;

Орай ҳәм Шығыстаныў институтында орайласқан ҳалда сақланатуғын ҳәм Мәмлекетлик реестрге киргизилген ески жазба дәреклердиң жағдайы, турақлы мониторинги ҳәм изертлениўиниң нәтийжелери ҳаққындағы мағлыўматлардың турақлы түрде арнаўлы порталлар ҳәм ғалаба хабар қуралларында жәрияланыўын тәмийинлейди;

Өзбекстан халықаралық ислам академиясы ҳәм Камалиддин Беҳзад атындағы Миллий сүўретшилик ҳәм дизайн институты менен биргеликте ески жазба дәреклердиң консервациясы ҳәм реставрациясы менен шуғылланып атырған тараў хызметкерлериниң турақлы түрде кәсиплик потенциалы ҳәм маманлығын арттырыў, сондай-ақ, тараў ушын жетик маман кадрларды таярлаў бойынша илажларды әмелге асырады.

  1. Орай:

а) бир ай мүддетте Туризм ҳәм спорт министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги, Илимлер академиясы ҳәм «Өзархив» агентлиги менен биргеликте Ески жазба дәреклердиң мәмлекетлик реестрин жүргизиў бойынша бирден-бир мәлимлеме системасын (кейинги орынларда – бирден-бир мәлимлеме системасы) жаратыў концепциясы ҳәм техникалық тапсырма жойбарын ислеп шықсын ҳәм жойбар техникалық ҳүжжетлердиң белгиленген тәртипте эксертизадан өткерилиўин тәмийинлесин;

б) еки ай мүддетте:

Шығыстаныў институты, Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы, Мәдений мийрас агентлиги ҳәм «Өзархив» агентлиги менен биргеликте Ески жазба дәреклердиң мәмлекетлик реестри ҳаққындағы режени ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин;

республика аймағындағы музейлер, китапханалар, архив фондлары ҳәм басқа да мәкемелерде сақланып атырған ески жазба дәреклердиң илимий актуаллығы ҳәм әҳмийетлилигине қарап, оларды аўдарыў ҳәм изертлеў кестесин ислеп шығып, тастыйықласын ҳәм халықшыл тилде басқышпа-басқыш басып шығарылыўын жолға қойсын.

  1. Министрлер Кабинети Орай менен биргеликте:

еки ай мүддетте мәмлекет қарамағындағы музейлер, китапханалар, архив фондлары ҳәм басқа да мәкемелерде сақланып атырған ески жазба дәреклерди Орай қарамағына өткериў бойынша режени тастыйықлап, басқышпа-басқыш әмелге асырсын;

Орайға сақлаў ҳәм изертлеў ушын алып келинген ески жазба дәреклериниң тийисли (аймақлық, уйымлық, жеке ҳәм басқа) тәнлигинен келип шығып, өз алдына коллекция ҳалында қорғалыўын тәмийинлесин;

реже-график тийкарында сырт мәмлекетлерге илимий экспедициялар шөлкемлестириў арқалы халықта ҳәм ҳәр қыйлы фондларда сақланып атырған елимиздиң алымлары ҳәм ойшылларының дөретиўшилигине тийисли болған ески жазба дәреклердиң каталогларын ҳәм электрон нусқаларын анықлаў, Орай фондына алып келиў ҳәм илимий айланысқа киргизиў илажларын көрсин;

еки ай мүддетте физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден ески жазба дәреклерди сатып алыў, оларды мәмлекет қарамағына тапсырыў механизмлерин ислеп шықсын.

  1. Орай жанында юридикалық тәреп статусына ийе болмаған Ески жазба дәреклерди консервациялаў ҳәм реставрациялаў лабораториясы (кейинги орынларда – Лаборатория) шөлкемлестирилсин ҳәм Лаборатория тәрепинен өткерилетуғын изертлеў сынақларының тийкарғы бағдарлары 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Лаборатория республика аймағындағы музейлер, китапханалар ҳәм басқа да мәкемелердиң архив фондларында, физикалық ҳәм юридикалық тәреплерде сақланып атырған ески жазба дәреклерди олардың буйыртпасы тийкарында қайта ислеў жумысларын әмелге асыратуғыны;

ески жазба дәреклерди қайта ислеўден түскен қаржылар Орай ҳәм Лаборатория жумысын раўажландырыўға жумсалатуғыны;

Лабораторияны шөлкемлестириў, зәрүр әсбап-үскенелер, комплектлеўши материаллар менен тәмийинлеў ҳәм оларды орнатыў, сондай-ақ, өз басламасына бола Орай фондында сақланып атырған ески жазба дәреклерди қайта ислеўге байланыслы қәрежетлер Орай ушын Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылар шеңберинде, Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайын раўажландырыў қоры (кейинги орынларда – Қор)ның қаржылары, халықаралық финанс институтлары ҳәм шөлкемлердиң техникалық жәрдем қаржылары (грантлар) ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылатуғыны;

Лаборатория жумысына жазба дәреклерди консервациялаў ҳәм реставрациялаў бағдарында жетерли дәрежедеги билим ҳәм жумыс тәжирийбесине ийе болған маман қәнигелер Орай тәрепинен Қордың есабынан пуқаралық-ҳуқықый шәртнамалар тийкарында тартылатуғыны белгилеп қойылсын.

Лаборатория Ташкент қаласы, Абдулла Қадирий көшеси, 11-жай мәнзилиндеги Өзбекстан халықаралық ислам академиясы имаратына бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында ўақтынша жайластырылсын.

Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Б.Абидов, Ш.Вафаев) Лаборатория жумысы ушын халықаралық финанс институтлары ҳәм шөлкемлердиң техникалық жәрдем қаржылары (грантлар)н тартыўға жәрдемлессин.

  1. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Өзбекстан Көркем өнер академиясы:

2022-2023-оқыў жылынан баслап Камалиддин Беҳзад атындағы Миллий сүўретшилик ҳәм дизайн институтында «Ески жазба дәреклерди консервациялаў ҳәм реставрациялаў» тәлим бағдарында кадрлар таярлаўды жолға қойсын;

Шығыстаныў институты ҳәм Орай менен биргеликте еки ай мүддетте республикадағы илимий орайлар, музейлер, китапханалар ҳәм басқа да мәкемелердиң қолжазба фондларындағы жағдайды үйренип, дәректаныў-реставраторларға болған талапты анықласын ҳәм 2022-2023-оқыў жылы ушын тәлим бағдарына квота ажыратыў ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.

  1. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитет 2022-2023-оқыў жылынан баслап Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университети, Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университети, Бухара мәмлекетлик университети ҳәм Өзбекстан халықаралық ислам академиясында «Текстология ҳәм әдебий дәректаныў» тәлим бағдары ҳәм қәнигелиги бойынша бакалавриат ҳәм магистратура басқышлары ушын зәрүр квоталар турақлы ажыратып барылыўын тәмийинлесин.

«Текстология ҳәм әдебий дәректаныў» ҳәм «Филология ҳәм тиллерди оқытыў (классикалық филология)» тәлим бағдарлары ҳәм қәнигеликлери бойынша студентлердиң оқыў процеси, әмелияты, диплом жумысы ҳәм магистрлық диссертацияларды қорғаў Шығыстаныў институты, Орай, Әлийшер Наўайы атындағы Мәмлекетлик әдебият музейи ҳәм басқа да қолжазба фондларында тараўдың жетик қәнигелери ҳәм илимпазларының қатнасыўында өткерилетуғыны;

Өзбекстан халықаралық ислам академиясы «Текстология ҳәм әдебий дәректаныў» тәлим бағдары бойынша таяныш жоқары билимлендириў мәкемеси есапланатуғыны белгиленсин.

  1. Инновациялық раўажланыў министрлиги үш ай мүддетте:

Орай, Шығыстаныў институты, Өзбекстан халықаралық ислам академиясы, Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы ушын ески жазба дәреклерди үйрениў бойынша илимий-изертлеў жумысларына мәмлекетлик буйыртпа белгиленген тәртипте қәлиплестирилиўин;

илимий жумысқа  байланыслы мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде орынланатуғын мақсетли илимий жойбарларға Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаржылардың ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. Орай Шығыстаныў институты, Өзбекстан халықаралық ислам академиясы, Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы, «Эл-юрт умиди» қоры, Инновациялық раўажланыў министрлиги менен биргеликте 2022-жылдан баслап қолжазбаларды сақлаў ҳәм изертлеў менен шуғылланатуғын илимий хызметкер ҳәм реставраторлардың ҳәр жылы сырт елде әмелият өтеўин ҳәм стажировкасын шөлкемлестириў илажларын көрип барсын.

Илимий хызметкер ҳәм реставраторлардың сырт елде әмелият өтеўи ҳәм стажировкасы буйыртпашы шөлкемлер ушын Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар шеңберинде, сондай-ақ, бюджеттен тыс қаржылар ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан шөлкемлестирилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Елимиз аймағында жасап өткен уллы алымлар менен ойшыллардың илимий мийрасын халықтың, әсиресе, жаслардың арасында буна былай да ғалаба ен жайдырыў, олар ҳаққындағы мағлыўматларды заманагөй усыллар арқалы жәмийетшиликке жеткериў, сондай-ақ, усы бағдарда алып барылатуғын изертлеўлер ушын буннан былай да қолайлы имканиятлар жаратыў мақсетинде Интернет дүнья жүзилик мәлимлеме тармағында Елимиз алымлары менен ойшылларының турмысы және мәдений мийрасы ҳаққындағы илимий-ағартыўшылық портал (кейинги орынларда – илимий-ағартыўшылық портал) ҳәм оның мобиль қосымшасы иске түсирилсин.

Мәмлекетлик реестрди қәлиплестириў, илимий-ағартыўшылық портал ҳәм оның мобиль қосымшасын иске түсириў менен байланыслы қәрежетлер Орай ушын Мәмлекетлик бюджетте нәзерде тутылған мақсетли қаржылар және кейин ала оны сақлаў ҳәм жумысын тәмийинлеўге байланыслы қәрежетлер Қордың қаржылары есабынан қапланады.

  1. Төмендегилер:

а) Орай Миллий китапхана, Кинематография агентлиги ҳәм Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте:

илимий-ағартыўшылық порталының иске түсирилиўин;

илимий-ағартыўшылық порталға уллы алым ҳәм ойшыллардың өмири, илимий мийрасы ҳаққындағы мағлыўматлар, олардың жумысына байланыслы басып шығарылған китаплардың электрон нусқалары, фильмлер және жаслардың интеллектуаллық потенциалын арттырыўға хызмет ететуғын басқа да түрдеги мағлыўматлардың жайластырылыўын;

б) Жаслар ислери агентлиги Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, Орай ҳәм Миллий китапхана менен биргеликте еки ай мүддетте аймақларда жаслар жетекшилери тәрепинен уллы алымлар менен ойшыллардың турмысы және илимий мийрасты жаслар арасында кең үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша мәҳәлле кесиминде «жол карта»лары ислеп шығылыўы ҳәм әмелге асырылыўын тәмийинлесин.

  1. Шығыстаныў институты, Орай, Өзбекстан халықаралық ислам академиясы ЮНЕСКО, Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша Ислам дүньясы шөлкеми (ICESCO), Ислам тарийхы, мәденияты ҳәм көркем өнерин изертлеў орайы (IRCICA) сыяқлы абырайлы халықаралық шөлкемлер ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери менен биргеликте дәстүрий түрде ески дереклерди қорғаў ҳәм енгизиўдиң әҳмийетли мәселелерине бағышланған халықаралық конференция шөлкемлестирсин.
  2. Орай Илимлер академиясы ҳәм Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте 2022жылдың ақырына шекем Орайлық Азия регионы шеңберинде ески жазба дәреклерди сақлаў ҳәм енгизиў тараўында қоңсылас мәмлекетлер менен бирге ислесиў байланысларын жолға қойыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Орай ҳәм Илимлер академиясы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте ески жазба дәреклерди сақлаў ҳәм изертлеў тараўын буннан былай да раўажландырыў мақсетинде Ислам раўажланыў банки ҳәм басқа да қорлар, донор шөлкемлердиң бийғәрез қаржылары ҳәм жәрдемлерин тартыў илажларын көрсин.
  4. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 16-июльдеги «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының жумысын буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-5186-санлы қарарына 2-қосымшаға муўапық қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилсин.
  5. Орай мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзегерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  6. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи М.М.Камиловқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 10-февраль