Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасының мағлыўматларына қарағанда, республикамызда 2021-жылдың январь-декабрь айларының жуўмағына бола, ислеп шығарылған жалпы аймақлық өнимниң көлеми 26250,7 млрд. cумды қурап, 2020-жылдың январь-декабрь айларына салыстырғанда өсим пәти 7,4 процентке өсти.

Өзбекстан Республикасының ЖИӨниң қәлиплесиўине Қарақалпақстан Республикасының үлеси 3,6 процентке туўра келеди.

– Жалпы аймақлық өнимниң экономикалық хызмет түрлери бойынша тараўлардың улыўма қосымша қуны 24477,4 млрд. сум болған болса, өсим пәти өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 107,4 процентти қурады,-дейди басқарманың Статистика жумысларын шөлкемлестириў ҳәм улыўмаластырылған мәлимлеме-таллаў жумыслары бөлими баслығының орынбасары Саламат Ембергенов. – Өнимлерге болған салықлар 1773,3 млрд. сум болып, өсим пәти (107,8%), аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы тараўы 7037,7 млрд. cум (103,7%), cанаат тараўында 6526,3 млрд. cум (107,4 %), қурылыс тараўында 2080,1 млрд. cум (110,5%), хызметлер 8833,3 млрд. cум (109,7%)ди қурады.

Халықтың жан басына ислеп шығарылған жалпы аймақлық өнимниң көлеми 13558,6 мың сумды қурап, бул көрсеткиш өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 106,0 процентти қурады.

Қарақалпақстан Республикасы экономикасының барлық тараўларында жаратылған жалпы қосымша қуны (ЖҚҚ) көлеми улыўма жалпы аймақлық өнимниң 93,2 процентин, өнимлерге болған салықлар болса 6,8 процентин қурады.

2021-жыл январь-декабрь айлары жуўмағы менен жалпы аймақлық өнимниң тараўлар қурамындағы үлеси аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы 28,8 процент, санаат тараўы 26,7 процент, қурылыс 8,5 процент ҳәм хызметлер тараўы 36,0 процентти қурады. Киши исбилерменлик субъектлердиң жалпы аймақлық өнимдеги үлеси 56,4 процентти қурады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги