Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021-жыл 26-марттағы ПҚ-5040-санлы қарары ҳәм Халық билимлендириў минстрлиги, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамыныӊ 2021-жыл 20-апрельдеги қоспа қарарыныӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Нөкис районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплерине бириктирилген Дөретиўшилик мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылары ушын оқыў-семинар болып өтти.
Өткерилген бул илажда Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими қәнигеси Ч.Елмуратов, орайдыӊ Нөкис районлық бөлими баслығы Н.Тойымбетов, районлық Халық билимлендириў бөлими баслығы М.Таджетов, Дин ислери бойынша комитетиниӊ Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасыныӊ Нөкис районы бойынша бас қәнигеси Д.Тәўекеловлар шығып сөйлеп, соӊғы жыллары елимизде ҳәм дүнья жүзинде жүз берип атырған өзгерислер менен жаӊаланыўлар туўралы мағлыўматлар берип, өсип киятырған жасларды ҳәр тәреплеме жетик әўладлар етип тәрбиялаў билимлендириў тараўы хызметкерлериниӊ алдында турған әҳмийетли ўазыйпалардыӊ бири екенлигин атап өтти.
Семинарда бүгинги күни райондағы мектеплерде үлгили жумыс ислеп атырған бир қатар үгит-нәсиятшылар шығып сөйлеп, өзлериниӊ соӊғы ис-тәжирийбелерин қатнасыўшыларға жақыннан таныстырды ҳәм олардыӊ қызықтырған сораўларына жуўап берди.
Семинар соӊында тараўда белсендилик көрсетип киятырған үлгили үгит-нәсиятшыларға Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиӊ Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы