Республикамызда 3-9-июль күнлери аралығында ҳүким сүретуғын әдеттегиден тыс ыссы ҳаўа райы өзи менен бир қатар қәўип-қәтерлерди алып келеди, деп ескертеди Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы.

Ҳаўаның жоқары температурасы трансформатор үскенесиниң қызып кетип, электр энергиясының үзилиўине себеп болыўы мүмкин. Автомобиль айдаўшылары менен пиядалар турақлы итибарда болыўы керек. Себеби ыссылық себепли асфальт қапламы ҳәм темир жол рельслери деформацияланады (формасы өзгерип, көлеми кеңейеди, тараяды). Демек, жол транспорт ҳәдийселериниң артыўы итимал. Шыпакерлер инфекциялық ҳәм паразитлик кеселликлер, ыссы (әптап) урыўы, қан-тамыр кеселликлериниң ҳәўиж алыўы мүмкинлигин ескертпекте. Ашық аспан астында спорт пенен шуғылланыў қадаған етиледи. 12.00 ден 16.00 ге шекем ыссылық дәрежеси ҳәдден зыят жоқары болғаны ушын бул ўақыт аралығында қуяш нурларынан сақланыў керек.

Бундай ҳаўа райында алкоголь ишимликлер қабыллаў оғада қәўипли. Ыссыда организмге спирттиң тәсири бир неше есеге артады, организм ыссы температураға еле де сезиўшең болып қалады.

Қолда исленген азықлық өнимлерин қабыл етиў де қәтерли, себеби жоқары температурада бактериялар тез көбейеди, азық-аўқатлар тез бузылады. Бул аўыр зәҳәрлениўге алып келеди.

Бундай ыссы ўақытта қәўип-қәтер адамның дене температурасының 37,1 ден 38,8 градусқа шекем көтерилип кетиўи себепли келип шығады. Соның ушын дене қызып кеткен жағдайда шомылыў усыныс етиледи. Бирақ, тек арнаўлы, руқсат етилген ашық орынларда ҳәм усы мақсетлер ушын үскенеленген бассейнлерде  шомылыў керек. Себеби, усындай орынларда ғана қутқарыўшылар топары дүзилген болып, өз ўақтында жәрдем бере алыўы мүмкин.

Усындай ыссы күнлери көп ушырасатуғын қәўиплердиң бири – адамлардың суўға шөгип кетиўи. Айрықша жағдайлар басқармасы пуқараларымыздан ҳәр қандай жағдайда да шомылыў қағыйдаларына әмел етиўди сорайды.

Айрықша жағдайлар жүз бергенде қутқарыў хызметиниң 1050 номерине қоӊыраў етиў мүмкин.

 

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.