Шанхайдағы Фудан университетиниң бир топар илимпазлары төрт минутта әмелдеги тест үлгиси сыяқлы коронавирусты анықлап беретуғын қурылма ойлап тапты, деп жазбақта «РИА Новости».
Олардың изленислериниң нәтийжеси «Nature Biomedical Engineering» журналында жәрияланған. «Биз мурыннан алынатуғын анализ арқалы төрт минутта вирус жуққанлығын анықлап беретуғын электромеханикалық портатив қурылманы жаратыўға еристик», деп атап өтпекте мақала авторлары.
Ең әҳмийетлиси, қурылмадан компьютер ҳәм смартфон арқалы пайдаланыў мүмкин. Вирусқа шатылған 33 адам ҳәм 54 саламат адам сынақтан өткерилген. Олардан алынған бурынғы нәтийжелер, әмелдеги нәтийжеге сәйкес келген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги