Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мәмлекетимизде шарўашылық өнимлерин ислеп шығарыўды көбейтиў есабынан азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, өндиристиң заманагөй усылларын кеңнен енгизиў, бул арқалы қоысмша қун шынжырын жаратыў, кооперация қатнасықларын раўажландырыў, шарўашылық тараўы ҳәм оның тармақларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, усы тараўда заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм илим жетискенликлеринен нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасында шарўашылық тараўы ҳәм оның тармақларын раўажландырыў бойынша 2022-2026-жылларға мөлшерленген бағдарлама (кейинги орынларда – Бағдарлама) 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасында шарўашылық тараўы ҳәм оның тармақларын раўажландырыў бойынша 2022-2026-жылларға мөлшерленген бағдарламада белгиленген ўазыйпаларды 2022-жылда әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Бағдарлама тийисли дәўирге мөлшерленген мақсетли параметрлер ҳәм тийкарғы бағдарлардан келип шығып, ҳәр жылы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғын «Жол картасы» арқалы басқышпа-басқыш әмелге асырылыўы белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер Бағдарламаны әмелге асырыўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

халықты шарўашылық өнимлери менен турақлы тәмийинлеў және шарўашылық ҳәм оның тармақларында өндирис имканиятларын кеңейтиў, бул тараўда азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў;

шарўашылық тараўында сапа қадағалаўын күшейтиў, экспортқа қаратылған бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыў көлемин арттырыў, қосымша қун шынжырына ийе өнимлер ислеп шығарыўды нәзерде тутатуғын қолайлы исбилерменлик орталығын раўажландырыў;

тәбийғый ресурслардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм қоршаған орталықты қорғаўды системалы жолға қойыў, жер ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўды нәзерде тутатуғын илажларды көриў;

шарўашылық тараўында инфраструктура хызметлерин және де раўажландырыў, олардың сапасын жақсылаў ҳәм түрлерин кеңейтиў, бул тараўға заманагөй базар принциплерин кеңнен енгизиў;

шарўашылық өнимлериниң өндирислик тармағын модернизациялаў, тараўды диверсификациялаў ҳәм қоллап-қуўатлаў ушын жеке меншик инвестиция және сырт ел капиталының ағымын көбейтиў, сондай-ақ, инвестициялық тартымлылықты арттырыў механизмлерин енгизиў;

шарўашылық хожалықларында мийнет өнимдарлығын арттырыў, өнимниң сапасын жақсылаў, жоқары қосымша қунды жаратыўға қаратылған тармақ бағдарламаларын ислеп шығыў нәтийжелилигин арттырыў;

шарўашылық ҳәм оның тармақларында илимий-изертлеў, билимлендириў ҳәм мәсләҳәт  хызметлерин кеңейтиў менен интеграцияласқан билимлер менен мағлыўматларды тарқатыўдың нәтийжели түрлерин енгизиў есабынан илим, билимлендириў, мәлимлеме ҳәм мәсләҳәт хызметлери системасын жетилистириў, бул тараўға заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизиў;

шарўа малларының өнимдарлығын арттырыў ҳәм ажыратылған майданлардан үнемли пайдаланыўды тәмийинлеў мақсетинде бир гектар суўғарылатуғын ҳәм суўғарылмайтуғын жер майданы есабынан ислеп шығарылатуғын өнимлер өлшемлерин ислеп шығыў.

  1. Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң «Ветеринария пидайысы» ҳәм «Шарўашылық пидакери» көкирек белгилерин шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети бир ай мүддетте «Ветеринария пидайысы» ҳәм «Шарўашылық пидакери» көкирек белгилери ҳаққындағы реже жойбарларын белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.
  3. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Қаржы министрлиги ҳәм мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте шарўашылық ҳәм оның тармақларын раўажландырыў мақсетлери ушын 2022-жылы Жәҳән банкиниң 300 миллион АҚШ доллары муғдарындағы кредит қаржыларын тартыў илажларын көрсин.
  4. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарына:

Бағдарламаның өз ўақтында ҳәм нәтийжели орынланыўы үстинен парламентлик ҳәм жәмийетлик қадағалаўды орнатыў;

әмелге асырылған жумыслар ҳаққында министрликлер ҳәм уйымлар және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәкимлериниң мәлимлемелерин ҳәр шеректе Сенат, Нызамшылық палатасы ҳәм тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси және халық депутатлары ўәлаятлық Кеңеслериниң мәжилислеринде тыңлап барылыўын тәмийинлеў усыныс етилсин.

  1. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте усы қарардың мазмун-мәниси, мақсет ҳәм ўазыйпаларының ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелениўин тәмийинлесин.
  2. Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                          Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 8-февраль