Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 12-июльдеги «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы ҳаққында»ғы қарары тийкарында инспекция хызметкерлерине аўыл хожалығы егинлери сортларының генетикалық тазалығы ҳәм туқымлық сапасы тийкарында тараўда мәмлекетлик сиясаттың орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды қадағалаў ўазыйпасы жүкленген.
-Республикамыз районларында быйылғы жылдың өними ушын 1610 фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханасының 2250 гектар тийкарғы егислик жерине картошка егиў ушын талап етилетуғын туқым, минерал төгин ҳәм жанылғы-майлаў материалларының көлеми, қаржының есабы ислеп шығылып, Министрлер Кеңеси тәрепинен тастыйықланды,-дейди Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының бас қәнигеси Ислам Бегжанов.-Усы егислик жерлерге егиў ушын талап етилетуғын 6000 тонна туқымлық картошканы фермер хожалықлары ҳәм кластерлер тәрепинен Ташкент, Самарқанд ўәлаятларынан, Россия Федерациясы, Пакистан ҳәм Қазақстан Республикаларынан импорт етиў белгиленген.
Бүгинги күни республикамыз аймағында исбилерменлери тәрепинен 1000 тонна туқымлық картошка алып келинген болып, олардың ГОСТ-33996 талабы тийкарында сақланыўы үстинен инспекция хызметкерлери тәрепинен қадағалаў илажлары алып барылмақта.
Басқарма ҳәм оның районлық бөлимлер тәрепинен аўыл хожалығы тараўында әмелге асырылып атырған жумыслардың нызам талаплары тийкарында алып барылыўы күнлик қадағалаўға алынған.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы