«ҒМДА қатнасыўшы – мәмлекетлердиң жасалма товар белгилери ҳәм оған шек қойыў бойынша бирге ислесиўи ҳаққындағы Келисимди ратификациялаў ҳаққында»ғы Нызамға (ӨРН – 751-санлы, 07.02.2022ж.) Президент тәрепинен қол қойылды.

Келисимниң тийкарғы мақсети адастырып жибериў дәрежесинде бир қыйлы болған товар белгилери ҳәм географиялық көрсеткишлерди ислеп шығарыў ҳәм реализациялаўға байланыслы жағдайларды анықлаў, олардың алдын алыў ҳәм ескертиў, ҒМДА қатнасыўшы – мәмлекетлериниң шегараларында бундай товарлардың ҳәрекетлениўиниң алдын алыў бойынша тәреплердиң бирге ислесиўине керекли шараятларды жаратыўдан ибарат.

Еслетип өтемиз, бул Келисим 2021-жыл 28-майда Минск қаласында қабыл етилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги