Нөкисте «Автотест» оқыў орайы жумыс баслады. Бул оқыў орайында усы жылдың 1-январынан баслап республикамызда ҳәрекет етип турған барлық юридикалық тәреплердиң транспорт басқарыўшылары ҳәр еки жылда бир мәрте өзиниң маманлығын жетилистирип барады ҳәм усы жерде оқып, билимин жетилистиргенлерге «Автотест Репорт» жуўапкершилиги шекленген жәмийети оқыў комплексиниң сертификаты тапсырылады.

Бүгинги күни усы оқыў орнының шөлкемлестирилиўи менен Қарақалпақстан бойынша 25 адам турақлы жумыс орнына ийе болды.

– Орайымызда автотранспорт басқарыўшыларын таярлаў ҳәм қайта таярлаў бойынша қайта оқытыўдың үйлесимли усыллары қолланылған ҳалда  заманагөй    мәлимлеме   технологияларынан кеңнен пайдаланылады, – дейди «Автотест Репорт» ЖШЖ ниң баслығы З.Бабаназаров. – Оқыў процесинде оқыўшылардың өзлестириў дәрежесин арттырыўға қаратылған оқытыў мониторингин жүргизиў ҳәм оны режелестириў имканиятын беретуғын автоматластырылған комплексли мәлимлеме системасы енгизилип, транспорт басқарыўшыларының маманлығын арттырыў бойынша Автотест 3.0 оқыў-методикалық комплекси әмелиятта қолланылады.

Cондай-ақ, жәмийет ағзалары өз қәнигелериниң билимин  арттырыў, оқыў-техникалық базасын  беккемлеў, оқыў, оқытыў процесине заманагөй инновациялық усылларды енгизиўге, қолланбалар таярлаўға да айрықша итибар қаратып, бул ушын елимиз бойынша 25 миллиард сум қаржы ажыратылды.

Жол ҳәрекети қәўипсизлигин ҳәм пуқаралардың саламатлығын тәмийинлеў, жол-транспорт хәдийселериниң алдын алыў илажларын  күшейтиў, сондай-ақ, оқыў процесине инновациялық усылларды енгизиў жолы менен юридикалық тәреплерге тийисли автотранспорт қуралларын басқарыўшылардың тәжирийбесин арттырыў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 4-сентябрьдеги «Инновациялық оқытыў усылларын енгизиў жолы менен транспорт басқарыўшыларын таярлаў ҳәм қайта таярлаў, сондай-ақ, олардың маманлығын арттырыў системасын буннан былай да жетилистириў хаққында»ғы қарарының нәтийжели орынланыўын әмелге асырыў мақсетинде «Автотест Репорт» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине юридикалық тәреплерге тийисли транспорт қуралларын басқарыўшылардың билимин ҳәм жумыс тәжирийбесин арттырып барыў ўазыйпасы жүкленди.

 

Н.РЕЙПНАЗАРОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы