Бүгин, 7-февраль күни Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министри Шерзод Шерматов Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалына келди. Бул ҳаққында «Xabar.uz» сайты хабар берди.
Дәслеп министр Ш.Шерматов усы жоқары оқыў орнында шөлкемлестирилген IT-инкубациялық орайының ашылыў мәресиминде қатнасты.
Бул жерде жаслар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты. Орай компьютер техникасы ҳәм жоқары тезликтеги интернет пенен тәмийинленип, бул жерде бағдарламаластырыў ҳәм робототехника және шахмат-шашка бөлмелери шөлкемлестирилген.
Буннан соң жергиликли жаслар тәрепинен таярланған исленбелердиң презентациясы болып өтти. Ш.Шерматов исленбелерди алдағы ўақытларда реал жойбарларға айландырыў, өндиристи жолға қойыў ҳәм дүнья базарына экспорт етиў бойынша өз усынысларын берди.
Сондай-ақ, министр ТИТУ Нөкис филиалының жумыслары ҳәм алдағы жобалары менен жақыннан танысты.
Ш.Шерматов филиалда оқып атырған студентлер менен сәўбетлесип, жасларды қызықтырған мәселелерди биргеликте додалады. Жаслар да министрге өз усынысларын билдирди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.