Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Еркинен айырыў жазасын өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў беккем бел байлаған бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында»ғы Пәрманға қол қойды.

Пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 93-статьясы 23-бәнтине тийкарланып билип-билмей жынаят ислеген, ҳәзирги ўақытта қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем бел байлаған жаза мүддетин өтеп атырған 63 пуқара әпиў етилди.

Әпиў етилген шахслардың 44и жазаны өтеўден мүддетинен бурын шәртли азат етиледи. Сондай-ақ,  19 шахсқа тайынланған еркинен айырыў жазасының мүддетлери қысқартылады.

Әпиў етилгенлердиң екеўин 60 жастан асқан шахслар қурайды.

Бул ўақыя елимизде алып барылып атырған адамгершилик сиясатының, халқымызға тән кеңпейиллик, кеширимли болыў, уллылық ҳәм мийрим-шәпәәт көрсетиў сыяқлы жақсы пазыйлетлердиң әмелий көриниси болып есапланады.

Пәрманның орынланыўы бойынша  әпиў етилген шахсларды шаңарағы ҳәм жақынлары қушағына қайтарыў, жәмийетлик турмысқа бейимлесип, пайдалы мийнет пенен шуғылланыўы, саламат турмыс тәризин жолға койып, жәмийетте мүнәсип орнын табыўы ушын оларға жәрдем бериў бойынша тийисли министрликлер менен уйымларға тийисли тапсырмалар берилди.