Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

2021-2023-жылларда Өзбекстан Республикасында хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасын әмелге асырыў нәтийжесинде 2021-жылы хызметлер көрсетиў көлеми дерлик 20 процентке өсти.

Соның менен бирге, хызметлер тараўын раўажландырыўға жаңаша көзқарасларды енгизиў арқалы базар хызметлериниң көлемин 2022-жылы 1,5 есеге арттырыў ҳәм қосымша 1,5 миллион жаңа жумыс орынларын жаратыў имканиятлары бар.

Аймақлардың өзине тән өзгешеликлеринен келип шығып, айрықша көзқараслар тийкарында хызметлер тараўын раўажландырыў, исбилерменлик субъектлерин финанслық ресурслар ҳәм инфраструктура менен тәмийинлеў және оларға қолайлы салық режимин енгизиў мақсетинде:

  1. Республика аймақларының халықтың саны ҳәм тығызлығы, географиялық жайласыўы, қәнигелесиўи ҳәм инфраструктура менен тәмийинленгенлик дәрежесинен келип шығып, хызметлер тараўын раўажландырыўдың төмендеги тийкарғы бағдарлары белгиленсин:

а) ҳәр бир район ҳәм қалаларда:

бюджет қаржылары есабынан 2021-2022-жылларда қала қурылысы жойбарлары тийкарында ири оңлаўдан шығарылған, сыртқы жақтыландырыў, суўғарыў ҳәм дренаж  системалары модернизацияланған, пияда ҳәм велосипед жоллары қурылған ҳәм халық көп болған көшелерди саўда, хызмет көрсетиў, дем алыў орны ҳәм кеўилашар көшелерге айландырыў;

санлы хызметлер үлесин басқышпа-басқыш арттырыў ушын зәрүр инфраструктура менен тәмийинлеў ҳәм сапалы байланыс және интернет хызметлериниң қамтып алыўын, сондай-ақ, «Электрон ҳүкимет» системасы хызметлеринен пайдаланыў көлемин кескин кеңейтиў;

б) Ташкент, Нөкис қалалары, ўәлаятлардың орайлары ҳәм басқа да қалаларда көби менен ҳәр 3-5 мәҳәлле ушын халық көп болған көшени абаданластырып, пиядалар жолларын кеңейтиў ҳәм оларды жақтыландырыў арқалы мәҳәллелераралық саўда-хызмет көшесин шөлкемлестириў;

в) халқы 300 мыңнан аз болған районларда:

санаат ҳәм хызметлер тараўы жоқары пәтлерде раўажланып баратырған районларда – саўда, мийманхана, аўқатланыў ҳәм логистика хызметлерин, сондай-ақ, техникалық хызмет көрсетиў ҳәм кеўилашар орынларды шөлкемлестириўге мүмкиншилик бериў;

таўлы, таўалды, рекрацион туризм потенциалы жоқары районларда – автомобиль жоллары, электр энергиясы ҳәм ишимлик суў тәмийнаты ҳәм басқа да инфраструктураны жақсылаў ҳәм таяр жойбарлар тийкарында туризм хызметлерин раўажландырыў;

шегара аймақларда жайласқан ҳәм аймағынан халықаралық автомагистраль ҳәм темир жоллар өткен районларды – саўда, туризм, логистика ҳәм жол бойы хызметлерин көрсетиўге қәнигелестириў;

аўыл хожалығы үлеси жоқары болған районларда – заманагөй агрохызметлерди раўажландырыў;

г) орта ҳәм ири қалалар ҳәм халқы 300 мыңнан көп болған районларда – заманагөй базар хызметлери, билимлендириў, медицина, көркем өнер, туризм, мийманхана ҳәм улыўма аўқатланыў ҳәм транспорт хызметлерин раўажландырыў;

д) Ташкент, Самарқанд ҳәм Наманган қалаларында – жоқары дәраматлы хызметлерди, әсиресе, ири саўда ҳәм кеўилашар хызмет көрсетиў объектлерин көбейтиў, билимлендириў ҳәм медицина мәкемелери жайласқан аймақларда қәнигелескен кластерлер шөлкемлестириў.

  1. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги, Туризм ҳәм спорт министрлиги, Мәлимелеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң төмендеги усынысларына келисим берилсин:

а) 2022-жыл 1-апрельден 2025-жыл 1-январьға шекем усақлап сатыў ҳәм улыўма аўқатланыў, мийманхана (жайластырыў) хызметлери, автотранспортта жолаўшы ҳәм жүк тасыў, транспорт қуралларын оңлаў ҳәм оларға техникалық хызмет көрсетиў, компьютер хызметлери, турмыслық техниканы оңлаў, агро ҳәм ветеринария хызметлерин көрсетиўши ҳәм кеўилашар орынларда хызметлер көрсететуғын исбилерменлик субъектлери ушын социаллық салық ставкасын 1 процент етип белгилеў.

Онда:

бул салық жеңиллиги исбилерменлик субъектлери тәрепинен, егер олардың усы киши бәнтте көрсетилген жумыс түрлерин әмелге асырыўдан алған дәраматлары ағымдағы есабат (салық) дәўириниң жуўмақлары бойынша жәми дәраматтың кеминде 60 процентин қураса, қолланылады;

усы киши бәнтте көрсетилген жумыс түрлери менен шуғылланыўшы исбилерменлик субъектлери тәрепинен хызметкерлер санын жасырыў жағдайлары анықланғанда, бул салық жеңилигиниң әмел етиўи тоқтатылады ҳәм нызамшылықта белгиленген финанслық санкциялар қолланылады;

б) исбилерменлик субъектлерине 2022-жыл 1-январьдан баслап 2027-жыл 1-январьға шекем мийманхана (жайластырыў қураллары) ҳәм майданы 5 мың квадрат метрден жоқары болған саўда комплекслери (соның ишинде, олар ийелеген жер участкалары) бойынша;

юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы ҳәм юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық ставкаларын 90 процентке азайтыў. Онда 2027-жыл 1-январьға шекем жаңадан қурылатуғын объектлерге (соның ишинде, олар ийелеген жер участкасына) байланыслы бул жеңилликти олар пайдаланыўға тапсырылған айдан баслап 5 жыл мүддет даўамында қолланыў;

пайда салығын есаплаўда имаратлардың баҳасын еки жыл даўамында амортизация қәрежетлери сыпатында шегириў ҳуқықын бериў;

в) 2022-жыл 1-апрельден баслап 2025-жыл 1-январьға шекем 1-қосымшада келтирилген район ҳәм қалаларда белгиленетуғын туризм аймақларында дизимнен өткен ҳәм усы аймақта улыўма аўқатланыў, мийманхана (жайластырыў), саўда, кеўилашар, туроператор ҳәм турагент хызметлерин көрсетип атырған исбилерменлик субъектлери ушын:

айланыстан алынатуғын салық ставкасын – 1 процент;

усы аймақлардағы объектлер ҳәм олар ийелеген жер участкасы бойынша юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық ҳәм юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығының муғдарларын – усы салықлар бойынша есапланған сумманың 1 проценти муғдарында белгилеў.

Онда район ҳәм қалалардың туризм аймақларының шегаралары Туризм ҳәм спорт министрлиги ҳәм Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң аймақлық бас басқармаларының жуўмақлары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлар Кеңеслери тәрепинен белгиленеди;

г) физикалық тәреплер тәрепинен мәҳәллелераралық саўда-хызмет көшелери бойында жайласқан турақ жай объектлерин усы банттиң «а» киши бәнтинде келтирилген хызмет көрсетиў түрлери бойынша турақ жай емес объекти категориясына өткерилгенде 2024-жыл 1-январьға шекем оларға мүлк салығы ҳәм жер салығының физикалық тәреплер ушын орнатылған ставкасын сақлап қалыў;

д) 2022-жыл 1-январьдан телефон байланыс операторлары ушын телефон байланыс хызметлерине салынатуғын акциз салығының ставкасын 10 процент етип орнатыў;

е) 2022-жыл 1-апрельден баслап аўыллық жерлерде антенна-мачта металл конструкцияларын, оларға орнатылған ҳәм олардың ажыралмас бөлеги болған конструкциялар ҳәм олар ийелеген жер участкаларын юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салықтан ҳәм юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығынан азат етиў.

Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) Мәмлекетлик салық комитети, Туризм ҳәм спорт министрлиги, тийисли уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте Салық кодексине усы бәнттен келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшаларды киргизиў бойынша нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. а) төмендегилер 2022-жыл 1-февральдан 2025-жыл 1-январьға шекем бажыхана бажысынан азат етилетуғыны:

2-қосымшаға муўапық Өзбекстан Республикасы аймағына алып кирилетуғын товарлар;

телекоммуникация операторлары ҳәм провайдерлери тәрепинен телекоммуникация инфраструктурасын енгизиў жойбарлары шеңберинде Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын, белгиленген тәртипте қәлиплестирилген дизим бойынша алып кирилетуғын технологиялық үскенелер, материаллар, программалық тәмийнат ҳәм аўысық бөлеклер;

б) мүлк салығын есаплаўда жер участкаларында орнатылған антенна-мачта металл конструкциялары ҳәм оларға орнатылған және олардың ажыралмас бөлеги болған конструкциялар (тартқылар, әтирапты ораўшы дийўаллар, жүк көтериў қурылмалары, шақмақтан қорғаў системалары, жерге жалғаў қурылмалары, сигнал-жақтыландырыў системалары, қорғаў сигнализациясы ҳәм видеобақлаў системалары) көшпес мүлк сыпатында қаралатуғыны;

в) 2022-жыл 1-апрельден баслап:

радиочастота спектринен пайдаланыўшыларға радиочастота уйымларының тийисли рухсатнамаларына тийкарланып радиочастота спектринен биргеликте пайдаланыў ҳуқықы берилетуғыны;

Программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары технологиялық паркиниң дирекциясына оның резидентлери тәрепинен ҳәр айда өткерилетуғын ажыратпалар муғдары, олар тәрепинен экспорт етилген мәлимлеме технологиялары хызметлериниң бир жыллық көлеми 10 миллион АҚШ долларынан артқанда 25 процентке, 20 миллион АҚШ долларынан артқанда 50 процентке төменлетилетуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 11-майдағы «Хызметлер тараўын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5113-санлы қарарына муўапық, саўда ҳәм кеўилашар көшелерде:

көшпес саўда объектлери ушын орынлар исбилерменлик субъектлерине электрон онлайн-аукцион саўдасы тийкарында сатылатуғыны;

барлық исбилерменлик субъектлерге жәмийетлик қәўипсизлик қағыйдаларына қатаң әмел еткен ҳалда 24 саат даўамында күни-түни жумыс алып барыў ҳуқықы берилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. 2022-жыл 1-июльден баслап усы қарардың 1-қосымшасына муўапық районлар ҳәм қалаларда туризм объектлерин қурыў ушын жер участкаларын аймақлардың мастер-режелери тийкарында ислеп шығылған жойбар усыныслары ҳәм зәрүр инфраструктура менен тәмийинленген ҳалда электрон онлайн-аукцион саўдасына шығарыў тәртиби енгизилсин.

Сондай тәртип орнатылсын, оған бола:

Туризм ҳәм спорт министрлиги (У.Азамов) Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (И.Норқулов) ҳәм жергиликли ҳәкимликлер менен биргеликте 2022-жыл 1-мартқа шекем аймақлардың мастер-режелерин ислеп шығыў ушын техникалық тапсырмаларды Қурылыс министрлигине киргизеди;

Қурылыс министрлиги (Д.Адилов) тийисли жойбарлаў институтлары ҳәм сырт ел экспертлерин тартқан ҳалда 2022-жыл 1-июльге шекем аймақлардың мастер-режелери ҳәм жойбар усынысларының ислеп шығылыўын тәмийинлейди;

Кадастр агентлиги (Ф.Умаров) Туризм ҳәм спорт министрлиги (У.Азамов) ҳәм жергиликли ҳәкимлер менен биргеликте 2022-жыл 1-июльден баслап жойбар усыныслары ҳәм инфраструктураға ийе болған жер участкаларын электрон онлайн-аукцион саўдасына шығарады.

  1. Усы қарардың 5-бәнтинде нәзерде тутылған аймақлардың мастер-режелерин ислеп шығыў ҳәм жер участкаларын зәрүр инфраструктура менен тәмийинлеў жумысларын қаржыландырыў ушын:

Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) бир ай мүддетте тийисли жергиликли ҳәкимликлерге Мәмлекетлик бюджет есабынан 200 миллиард сум муғдарында бюджет ссудасын ажыратсын;

Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (А.Воитов) Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (И.Норқулов) менен биргеликте еки ай мүддетте халықаралық финанс институтларының 100 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржыларын тартсын;

жергиликли ҳәкимликлер бюджет ссудасының электрон онлайн-аукцион саўдасы арқалы сатылған жер участкаларынан түскен қаржылар есабынан еки жыл даўамында толық қайтарылыўын тәмийинлесин.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошқулов) ҳәм басқа да жоқары билимлендириў шөлкемине ийе министрликлер ҳәм уйымларға жоқары билимлендириў ҳәм медицина мәкемелериниң имаратлары менен жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў және оларды жеке-меншик секторға хызметлер көрсетиў бойынша ажыратыў бағдарындағы әмелге асырылған жумыслары қанаатландырарсыз екени көрсетип өтилсин.

Қурылыс министрлиги (Б.Зокиров) еки ҳәпте  мүддетте Кадастр агентлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте социаллық тараў мәкемелериниң жер майданлары, имарат ҳәм объектлеринен нәтийжели пайдаланыў дәрежесин үйрениў бойынша Комиссия дүзилиўин тәмийинлесин.

Комиссияға еки ай мүддетте:

жоқары билимлендириў ҳәм медицина мәкемелериниң жер майданлары, имарат ҳәм объектлеринен нәтийжели пайдаланыў дәрежесин толық үйрениў;

үйрениў нәтийжелери бойынша бос турған ямаса нәтийжесиз пайдаланылып атырған имарат ҳәм объектлер және олардың аймағындағы жер майданларын анықлаў ўазыйпасы жүкленсин.

Қурылыс министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги менен биргеликте:

үйрениў тийкарында анықланған нәтийжесиз пайдаланылып атырған ямаса бос турған ири социаллық тараў объектлериниң мастер-режелерин үш ай мүддетте ислеп шықсын;

мастер-режелерге муўапық, нәтийжесиз пайдаланылып атырған ямаса бос турған имарат ҳәм жер майданларын аукцион саўдаларына шығарыў ямаса мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жеке меншик секторды тартқан ҳалда жаңа түрдеги билимлендириў ҳәм медицина хызметлерин шөлкемлестириў илажларын көрсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:

а) Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (И.Норқулов), Туризм ҳәм спорт министрлиги (У.Азамов) ҳәм коммерциялық банклер менен биргеликте хызмет көрсетиў объектлерин шөлкемлестириў ушын зәрүр шараятлар жаратыў, соның ишинде, инфраструктура менен  тәмийинленген жер участкаларын электрон-онлайн аукцион саўдасына шығарыў, көп квартиралы турақ жайлардың биринши қабатлары ҳәм жер төлелеринде хызмет көрсетиў объектлерин жайластырыў бойынша жойбар усынысларын ислеп шығыў ҳәм оларды қаржыландырыўға жәрдемлесиў арқалы:

2022-жыл 1-сентябрьге шекем 3-қосымшаға муўапық район ҳәм қалалардың орайлық көшелерин саўда, кеўилашар, гастрономикалық, туризм ҳәм көркем өнер бағдарларына қәнигелескен арнаўлы саўда ҳәм кеўилашар көшелерге айландырыў;

2022-2023-жыллар даўамында 4-қосымшаға муўапық «Жаңа Өзбекстан» массивлеринде хызмет көрсетиў объектлерин шөлкемлестириў;

бир ай мүддетте усы қарардың 1-бәнти «б» киши бәнтинде нәзерде тутылған мәҳәллелераралық көшелерди белгилесин ҳәм оларды 2022-2023-жылларда саўда-хызмет көшелерине айландырыў илажларын көрсин;

б) бир ай мүддетте зәрүр инфраструктура менен тәмийинленген жер участкаларын электрон-онлайн аукцион саўдасына шығарыў арқалы 2022-2023-жыллар даўамында:

5-қосымшаға муўапық ири район ҳәм қалаларда саўда комплекслери ҳәм аймақлық саўда-логистика орайларының қурылысы;

6-қосымшаға муўапық халықаралық жоллар бойында хызмет көрсетиў объектлериниң шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин;

в) бир ай мүддетте мәмлекетлик емес улыўма билим бериў ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин қурыў шәрти менен 7-қосымшаға муўапық район (қала)ларда жер участкалары электрон онлайн-аукцион саўдасына шығарылыўын тәмийинлесин;

Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (И.Норқулов) Кадастр агентлиги (Ф.Умаров) менен биргеликте усы қарардың 4-7-қосымшаларына муўапық хызмет көрсетиў объектлерин шөлкемлестириў ушын аукционларға шығарылатуғын жер майданларын турақлы түрде көбейтип барыў илажларын көрсин.

  1. Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасының координаторлары (С.Холхўжаев, А.Камалов, Д.Султанов) Туризм ҳәм спорт министрлиги (У.Азамов) менен биргеликте 2022-жылдың бағдарламасы шеңберинде ажыратылып атырған қаржылардың 500 миллиард сумы 8-қосымшаға муўапық бөлистириў бойынша хызметлер көрсетиў тараўындағы жойбарларға, биринши гезекте, Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғын талапларға жуўап беретуғын шаңарақлық мийман үйлерин (50 миллион сумға шекем), хостеллер (1 миллиард сумға шекем), қара үй лагерлери комплекси (300 миллион сумға шекем), автокемпинглер (3 миллиард сумға шекем), экоүйлер комплекси (300 миллион сумға шекем), контейнер қалашалар (600 миллион сумға шекем) ҳәм кемпинг лагерлер (60 миллион сумға шекем) шөлкемлестириў ҳәм олардың оңлаў жойбарларын қаржыландырыўға бағдарланыўын тәмийинлесин.
  2. Коммерциялық банклерге Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 16-июньдеги «Хызметлер тараўын қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4752-санлы қарарына муўапық тартылған ресурс қаржыларының мүддетинен келип шығып, бурын ажыратылған кредитлердиң сөндирилген бөлеги есабынан хызметлер тараўындағы жаңа жойбарларды (қаржы тараўын раўажландырыў бойынша жойбарлар ҳәм хызметлер тараўында айланыс қаржыларын толықтырыў жағдайлары буған кирмейди) қаржыландырыў ушын 14 процент ставкада бир жойбар бойынша 2 миллиард сумға шекем муғдарда кредитлер ажыратыўға рухсат берилсин.
  3. «Өзмиллийбанк» АЖның Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 11-майдағы «Хызметлер тараўын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5113-санлы қарарына муўапық «Өзмиллийбанк» АЖ тәрепинен сырт ел банклеринен тартылған 200 миллон АҚШ доллары муғдарындағы қаржыларды барлық қалалар ҳәм районлардың орайларында хызметлер тараўын раўажландырыў, соның ишинде, 29 қала ҳәм 6 ири районда туризм, транспорт, медицина, билимлендириў объектлери ҳәм ири саўда комплекслерин шөлкемлестириў жойбарларын қаржыландырыў ушын төмендеги шәртлер тийкарында ажыратыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын:

«Өзмиллийбанк» АЖ тәрепинен 9-қосымшаға муўапық бөлистириў бойынша коммерциялық банклерге сырт ел валютасында келисилген ставкада 5 жыл мүддетке финанслық ресурс ажыратыў;

коммерциялық банклер тәрепинен хызметлер тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў (қаржы тараўын раўажландырыў бойынша жойбарлар ҳәм хызметлер тараўында айланыс қаржыларын толықтырыў жағдайлары буған кирмейди) ушын 5 жылға шекемги мүддетке кредитлер ажыратыў.

  1. Хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша 2022-жылға мөлшерленген «жол картасы» 10-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери бир ҳәпте мүддетте усы қарардың 1-бәнтинде белгиленген нормалар тийкарында район (қала)лар кесиминде ислеп шығылған хызметлерди раўажландырыў бойынша аймақлық бағдарламаларды Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин.

Онда усы қарардың 11 ҳәм 11.1-11.13-қосымшаларында нәзерде тутылған Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар, ҳәр бир район ҳәм қалада хызметлер тараўын раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлери есапқа алынсын.

Ташкент қаласы ҳәкимлиги (Ж.Артикходжаев) бир ай мүддетте Ташкент қаласының Орайлық Азияда ең үлкен мегаполис ҳәм бизнес орай сыпатында статусын күшейтиў, тарийхый ҳәм мәдений тәреплерин заманагөй раўажланыў тенденциялары менен үйлестириў арқалы сырт ел ҳәм жергиликли туристлер ушын қаланың тартымлылығын арттырыў мақсетинде сырт ел консалтинг компанияларын тартқан ҳалда хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша бағдарлама ислеп шығып, тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. 2022-жыл 1-февральдан баслап Олий Мажлис Сенаты тәрепинен ҳәр айда Министрлер Кабинети, министрликлер, уйымлар ҳәм ҳәкимликлер тәрепинен жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин сын көзқарастан үйрениў ҳәм олардың жумысына баҳа бериў әмелияты енгизилсин.
  2. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң орайлық аппараты структурасында министрлик басқарыў хызметкерлериниң улыўма саны ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фонды шеңберинде 12 штат бирлигинен ибарат Хызметлерди раўажландырыў бойынша аймақлардың мастер-режелерин ислеп шығыўды муўапықластырыў департаменти дүзилсин ҳәм оның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

сырт ел экспертлерин тартқан ҳалда аймақлардың хызмет көрсетиў тараўындағы қәнигелесиўин анықлаў, солар тийкарында район ҳәм қалаларда хызметлерди раўажландырыўдың концепциялары ҳәм мастер-режелерин ислеп шығыў;

аймақлардың мастер-режелери тийкарында инфраструктура ҳәм хызмет көрсетиў жойбарлары ҳәм бағдарламаларын қәлиплестириў;

«Өзмиллийбанк» АЖ жанындағы Хызметлерди раўажландырыў бойынша жойбарлаў-таллаў орайы менен биргеликте аймақларда хызмет көрсетиў жойбарларын әмелге асырыў;

аймақларда хызметлерди раўажландырыў бойынша жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына методологиялық жәрдем бериў.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 11-майдағы «Хызметлер тараўын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5113-санлы қарарына 12-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  2. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (И.Норқулов) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылыққа усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министриниң биринши орынбасары И.И.Норқулов, инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң биринши орынбасары А.Б.Воитов, туризм ҳәм спорт министриниң биринши орынбасары У.А.Азамов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери белгиленсин.

Қарардың орынланыўын ҳәр айда додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министрдиң орынбасарлары Ж.А.Қўчқоровқа ҳәм А.А.Абдухакимовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 27-январь