Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында режиссёр Өмирбек Бектурғанов тәрепинен Шарль Перроның «Саҳыпжамал ҳәм мақлуқ» атлы ертеги бойынша сахналастырылған спектакльдиң премьерасы болып өтти.

Усы ертек тийкарында таярланған мультфильм арқалы, дерлик барлық балалар жақсы биледи, десек қәтелеспеймиз. Бирақ спектакльдиң орны басқа. Сонлықтан, спектакльди тамашалаўға келген балалар менен зал лыққа толы болды.

Тоғайдың ортасында жайласқан оғада үлкен сарайда сыйқырланған мақлуқ ҳәм оның ҳәр қыйлы буйымларға айланған хызметкерлери жасайды. Сарайға әкесин излеп келген саҳыпжамал Беллди Мақлуқ мәжбүрий түрде сарайда алып қалады. Буйымлар менен досласқан Беллдиң мийрим-шәпәәтлилиги ҳәм адамгершилиги Мақлуқты күн сайын өзине ашық етип қояды. Беллге ашық болған Гастон Мақлуқтың сарайына басып барып, адамларды Мақлуққа қарсы гиж-гижлейди. Бирақ, барлық ертеклердеги сыяқлы жақсылық жаманлықтың үстинен жеңиске ериседи. Мақлуқ сыйқырдан қутылып, және көркем шахзадаға айланады. Оның хызметкерлери де сыйқырдан қутылып адамға айланады.

Әжайып декорацияға ҳәм қосықларға бай жаңа спектакль жаңа жылда балалар ушын үлкен саўға болды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери