Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги аўыл пуқаралар жыйыны ақсақаллары, кластер, фермер ҳәм дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин февраль айында Түйемойын суў сақлығышынан дәрьямызға жиберилетуғын ағын суўдан егислик жерлердиӊ шорын жуўыўда нәтийжели пайдаланып қалыўға шақырды.

Мүрәжатта атап көрсетилиўинше соӊғы жыллары регионымызда жылдан-жылға суўдыӊ азайып баратырғанлығы, соныӊ ишинде, кейинги үш жыл ишиндеги мағлыўматларды салыстыратуғын болсақ, жылына орташа 1 млрд.м3 қа шамалас суў азайған. Ҳәзирги ўақытлары Түйемойын суў сақлағышында жыйналған суўдыӊ муғдары, өткен жылға салыстырғанда 978 млн.м3 ямаса 33,4 процентке азайып кеткен.

-Көпшиликтиӊ хабары бар бүгинги күни Қарақалпақстан аймағында егислик майданлардыӊ шорын жуўмай турып дийқаншылық ислеўдиӊ имканияты жоқ. Усындай суў там-тарыслығы себепли, өткен жылдан баслап шор жуўыўға кеӊ көлемде суў  бериў февраль айынан басланбақта. Быйылғы жылы да суў сақлағышта жыйналған суўдыӊ резервинен келип шығып, дәрьямызға февраль айында суў ашылыўы режелестирилген. Сонлықтан барлық аўыл хожалығы тараўы хызметкерлерин суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде, жерлерди лазер үскенелери жәрдеминде тегислеў, жап-салма, атызларды тазалаў, олардыӊ қулақларын қолайлы етип оӊлаў ҳәм атызларға жуўапкер суўшыларды бекитсе мақсетке муўапық болар еди ,-дейди бизге Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрилигиниӊ Мәлимлеме хызмети баслығы Ғайрат Атажанов.-Сондай-ақ, суўды үнемлеўши технологияларды өз жумысларында қолланған хожалықларға мәмлекетимиз тәрепинен арнаўлы субсидия ҳәм  кредитлер берилип атыр. Буныӊ ушын оларға суў хожалығы басқармалары әмелий жәрдем көрсетиўге таяр.

Мағлыўмат ушын атап өтиўимиз тийис, быйылғы жылы республикамыз бойынша 151 мыӊ 900 гектар майданда шор жуўыў, 100 мыӊ гектардағы ғәлле, қыйтақ жер ҳәм басқа да аўыл хожалығы егинлериниӊ жерлерин суўғарыў жумыслары белгиленген кесте тийкарда алып барылыўы режелестирилген. Сонлықтан бул суўдан ҳәр бир аўыл хожалығы хызметкерлерлери нәтийжели пайдаланыўы лазым.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы