Өзбекстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги тәрепинен 2022-жылдың 20-январынан 15-февралына шекем «Әҳмийетли он бес күнлик» жәрияланды.

Бул илажды өткериўден тийкарғы мақсет – «Өсимликлер карантини ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамына муўапық, республиканың фитосанитариялық қәўипсизлигин тәмийинлеў, зыянкеслердиң бир аймақтан екинши бир аймаққа тарқалыўының алдын алыў, оларға қарсы ғалабалық гүрес илажларын шөлкемлестириў ҳәм аймақларда өсимлик зыянкеслери ҳәм кеселликлерин анықлаў, қадағалаў, сондай-ақ, олар ҳаққындағы мағлыўматларды кең жәмийетшилик арасында кең түрде үгит-нәсиятлаўдан ибарат.

– Ҳәзирги ўақытта илаж шеңберинде, Қарақалпақстан Республикасы өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги тәрепинен «Әҳмийетли он бес күнлик» илажлары даўамында цитрус ҳәм помидор егинлериниң күшли зыянкеси болған «Цитрус ақ қанаты», «Цитрус инли күйеси», «Помидор күйеси» сыяқлы зыянкеслер ҳәм «Помидордың қоңыр реңли бүрисиў вирусы» (Tomato brown rugose fruit virus-ToBRFV) сыяқлы зыянкеслерди анықлаў, қадағалаў ҳәм оларға қарсы ғалаба түрде гүресиў илажлары шөлкемлестирилип, кең жәмийетшилик арасында олардың келип шығыўы менен зыянлы ақыбетлери ҳаққында үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта,-дейди  агентликтиң мәлимлеме  хызмети басшысы М.Пирниязова.

Бул илажлар даўамында ерте бәҳәр мәўсиминде организмлердиң көбейиў дәреги болған ыссыханаларда мәмлекетлик инспекторлар тәрепинен фитосанитариялық қадағалаў өткерилиўи, тийисли хүжжетлер рәсмийлестирилгеннен соң, ыссыханларды ашыўға рухсат етилиўи, сондай-ақ, өсимликлер карантини қағыйдаларына әмел етпеген исбилерменлик субъектлерине белгиленген тәртипте шара көрилиўи бойынша түсиндириў жумыслары алып барылмақта.

Ҳәзирги күнде республикамызда 100,3 гектар майдандағы 46 ыссыханада аўыл хожалығы өнимлери жетистирилип келинбекте. «Әҳмийетли он бес күнлик» илажлары даўамында бул ыссыханалардың фитосанитариялық жағдайы қадағалаўдан өткерилип, қәўипли зыянкес ҳәм кеселликлердиң пайда болыўының алдын алыў, оларға қарсы гүресиў илажлары бойынша кең түрде түсиндириў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги