Нөкис районындағы «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «Төремурат бест қыйтақ жер хызмети» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде кластерлердиң жумысын жетилистириў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, солай етип, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине бағышланған семинар болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы спикериниң орынбасары, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери  Кеңесиниң баслығы, O’zLiDeP фракциясының басшысы Актам Хайтов, район ҳәкимлиги ўәкиллери, пуқаралар жыйынларындағы ҳәким жәрдемшилери,  фермер, дийқан хожалықлары баслықлары қатнасты.

Семинарда үлгили қыйтақ жер ийелери тәрепинен жетистирилген өнимлер, пал ҳәррешилик, қоян бағыў, қусшылық, бағшылық ҳәм басқа да дәраматлы тараўлар  бойынша жетискенликке ерисип киятырған, өз гезегинде, исбилерменге айланған қыйтақ жер ийелериниң алдыңғы тәжирийбелери үйренилди.

Атап өтилгениндей, қыйтақ жер ийелери бүгинги күни ҳәм дийқан, ҳәм исбилермен болып табылады. Себеби, ол өз мийнети менен жетистирген өнимлерин базарларға тиккелей алып шығып, өзи сатыў имканиятына ийе болды. Оларға жақыннан жәрдем бериў ҳәм қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Томорқа хизмати» кластерлери халыққа 12 бағдарда хызмет көрсетип келмекте.

Бул бағдарларда жумыс алып барып атырған «Төремурат бест қыйтақ жер хызмети» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде ыссыхана, салы ҳәм бийдайды қайта ислеў, жем ислеп шығарыў цехлары,  500 тоннаға мөлшерленген мийўе-овощ өнимлерин сақланатуғын музлатқышқа, дала дүканына ийе. Быйылғы жылы 81 шаңараққа ықшам ыссыхана қурып бериў, 200 шаңараққа 100 бастан таўық, 100 шаңараққа 20 бастан қоян, 30 шаңарақтың ҳәр бирине 5 пал ҳәрреси уясы, 500  шаңараққа 10 данадан жүзим нәли, 60 шаңараққа 5 бастан қой-ешки тарқатыў режелестирилген.

Спикер орынбасары Актам Хаитов ҳәким жәрдемшилери менен ушырасып, Жаңа Өзбекстанда пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысларын жетилистириўге қаратылып атырған итибарға, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 3-декабрьдеги «Мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша қала ҳәм район ҳәкимлериниң жәрдемшилерине кең ўәкиллик ҳәм миннетлеме жүкленгенлиги атап өтилди. Пуқаралар жыйынларындағы жумысларды буннан былай да жетилистириў мәселелери «Жаңа Өзбекстанның 2022-2026-жылларға мөлшерленген раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманының жойбарында да өз көринисин тапқан.

Спикер орынбасары қыйтақ жер ийелери кластери жумысы менен жақыннан танысар екен, оларды буннан былай да раўажландырыў, қыйтақ жер кластери жанынан оқыў орайын ашыў, оған қызығыўшы жасларды тартыў бойынша бир қатар пикир-усыныслар билдирди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы