Мектеплер ҳәм жоқары оқыў орынлары 24-февральға шекем онлайн билимлендириўге өткерилгеннен кейин, көпшилик  атааналарды бул сораў қызықтырмақта.

Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң мәлим етиўинше, бақшалардың жабылыўы ҳаққында ҳәзирше ҳеш қандай мағлыўмат жоқ. Бул мәкемелер жумысын әдеттеги тәртипте даўам еттиреди. Тек ғана мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде пандемия дәўиринде мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жумысына қойылатуғын төмендеги ўақтынша санитариялық-гигиеналық талапларға қатаң әмел етиледи:

Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде байрам илажларының өткерилиўи ўақтынша шекленеди;

ата-аналар ҳәм сырттан мийманлардың кириўине жол қойылмайды (зәрүр жағдайларда кейинги үш күнлик ПШР тести ҳәм шаншылғаны ҳаққында сертификаты болыўы керек);

мәжилислердиң өткерилиўи шекленеди, зәрүр жағдайларда мәжилислерди видеоконференцбайланыс режиминде өткериў илажлары көриледи;

бул шеклеўлердиң бузылыўына жол қойылған жағдайда тийисли тәртипте жуўапкершилик шаралары (сөгис, жәрийма ҳәм т.б.) қолланылады.

ӨзА