Япония халықаралық саламатлық миллий изертлеў орайы хызметкерлери шегиўшилер коронавирустың аўыр түрине көбирек бейим болатуғынын айтты. Бул ҳаққында «MIR24» «NHT» телеканалына сүйенип хабар берди.

Илимпазлар 20-80 жас аралығындағы 18 мыңға шамалас коронавирус пенен зыянланған наўқастың мағлыўматын таллап, шылым шегетуғын адамда коронавирус раўажланыў қәўпи басқаларға салыстырғанда 1,5-2 есе жоқары екенин бақлады.

– Шегиў себепли жүрек ҳәм өкпе зыян көреди, жуқпалы кеселликлер келип шығады, – дейди япон қәнигелери. – Нәтийжеде, наўқас инфекция ямаса вирус жуқтырыўға көбирек бейим болады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги