«Facebook» компаниясына тийисли болған «Instagram» социаллық тармағы  блогерлер контентин монетизациялаўы ушын төлемли жазылыў тәртибин енгизбекши. Бул ҳаққында тармақ басшысы Адам Моссери мәлим етти.

Атап өтилиўинше, дәслеп АҚШта сынақтан өткерилетуғын жаңа функция жәрдеминде тек жеке аккаунтқа жазылыў болған аудитория ушын жанлы эфир, пост ҳәм қысқа видео үзинди жаратыў мүмкин. Буннан тысқары, социаллық  тармақ белгили жазылыўшының комментарийсин контент жаратыўшы ушын арнаўлы белги менен ажыратып көрсетеди.

– Контент жаратыўшыға пул табыў имканиятын бериў мақсетинде платформаның биринши функциясын иске қоспақтамыз, – деди тармақ басшысы.

«Instagram» – фотосүўрет, сүўрет ҳәм видеоны жайластырыў ҳәм баҳалаў ушын  мөлшерленген социаллық медиа тармақ екенлигин мағлыўмат орнында келтириў зәрүр. 2020-жылы мобиль қосымша сыпатында дүньядағы ең көпшилик пайдаланатуғын программалардың бирине айланған усы социаллық тармақтың атамасы бир неше ай алдын «M35a»ға өзгертилген.

 

ӨзА