Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы баслығының орынбасары Нурмат Отабеков мәлим етти.

Өзбекстанда 5-11 жаслы балаларды шаншыў бойынша айрықша көрсетпе таярланды. Олар «Pfizer» вакцинасының 0,1 мл дозасы менен шаншылады. Бунда 6 дозалы вакцинаны нәтийжели қолланыў ушын бир ўақыттың өзинде шаншыў пунктлерине 18-20 баланы топлап, вакцинаны қолланыў белгиленген.

Еслетип өтемиз, өткен жылдың 21-сентябринен баслап 12-18 жас аралығындағы балалар ҳәм жас өспиримлерди вакцина менен шаншыў басланған еди. Атап өтилиўинше, усы ўақытқа шекем 12-18 жас категориясындағы 800 мың адам шаншылған.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.