Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасында тараў қәнигелери ҳәм исбилерменлик субъектлери ўәкиллериниң қатнасыўында семинар-тренинг өткерилди.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы баслығының биринши орынбасары С.Юсупов. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетиниң ишки аудит департаменти директорының биринши орынбасары Б.Муқимов,  Статистика ҳәм таллаў басқармасының баслығы Ҳ.Бобожонов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Салық кодексине киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалар туўралы кең түрде мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, 2022-жылдың 1-январынан баслап, жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм декларация тийкарында салық төлеў, мүлк салығы, пайда салығы, қосымша қун салығы ҳәм басқа да салық түрлери бойынша көплеген өзгерислер киргизилген.

Тийкарғы механизмлерге инвестициялар киргизилиўин хошаметлеў мақсетинде, пайда салығы базасынан шегирилетуғын айырым қәрежетлердиң муғдары арттырылмақта. Атап айтқанда, амортизация ажыратпаларының нормалары – орташа еки есеге, бир мәртелик инвестициялық шегирме муғдары да еки есеге арттырылып, жеке меншик коммерциялық шөлкемлерге дене тәрбиясы ҳәм спорт хызметлери бойынша қосымша қун салығынан берилген жеңилликлер бийкар етилмекте. Абсолют баҳаларда белгиленген хызметлерге ҳәм қосымша банк хызметлерине (есап бетин ашыў, касса хызметлери) қосымша қун салығын салыў тәртиби киргизилмекте.

– Сондай-ақ, юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық ставкасы әмелдеги 2 проценттен, 1,5 процентке азайтылмақта,-дейди басқарманың бөлим баслығы Х.Айманов. – Соның менен бирге, салық төлеў мақсетинде, 1 метр квадрат көшпес мүлк объекти ушын минимал баҳа енгизилмекте. Бунда районлардың экономикалық раўажланыўына қарап еки есеге азайтыўшы коэффициент киргизилиўи мүмкин екенлиги белгиленбекте.

Суўғарылатуғын жер майданы 25 гектардан көп аўыл хожалығы кәрханалары қосымша қун салығын төлеўге өткерилиўи белгиленбекте. Исбилерменлерге олар улыўма майданы 1000 квадрат метрден (10 сотихтан) аслам болған жер участкаларына ҳәм (ямаса) имаратларға мүлк ҳуқықын қолға киргизгенинде мүлк ҳәм жер салығы бойынша төлемлерди алты айға кешиктириў ҳуқықы берилмекте.

Салық төлеўшилерге аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын жер салығы бойынша ҳәзирги салық дәўири ушын салық есабатларын 2022-жылдың 1-февраль күнине шекем бериў ҳуқықы берилмекте. Аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын 2021-жылда әмелде болған жер салығының базалық ставкалары орташа 1,07 есеге индексацияланбақта. Әмелдеги ҳәр шереклик болған салық есабаты дәўири ҳәр айлыққа өткерилмекте.

Семинар қатнасыўшылары қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги