«Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасында экспортқа талап күшли болған локализацияланған өним аўыр А маркадағы сода ислеп шығарыў жолға қойылды.

Өткен жылдың декабрь айында буның ушын зәрүр болған үскенелер алып келип орнатылып, дәслепки өнимлер ислеп шығарыла баслады.

Бүгинги күни аўыр А маркадағы содаға дүнья базарында талап артып бармақта. Атап айтқанда, Қытай, Тәжикстан, Аўғанстан, Қырғызстан, Қазақстан ҳәм басқа мәмлекетлерден буйыртпалар келип түспекте.

Қәнигелердиң атап өткениндей, кәрханада быйылғы жылы 80 мың тонна А маркадағы сода ислеп шығарыў режелестирилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги