Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы спикерининң орынбасары, O’zLiDeP фракциясының басшысы, O’zLiDeP Сиясий Кеңеси Атқарыў комитетиниң баслығы Актам Хайтов  Нөкис қаласындағы «Жумысқа мәрҳамат» моноорайында бүгинги күни алып барылып атырған жумыслар менен танысты.

Елимизде мийнет базарының нәтийжели механизмлерин енгизиў, кәмбағал ҳәм жумыссыз пуқараларды заманагөй кәсип-өнер ҳәм исбилерменлик көнликпелерине оқытыў, усы тийкарда оларды турақлы дәрамат келтиретуғын жумыс ҳәм исбилерменликке тартыў арқалы бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Президентимиздиң 2020-жыл 11-августтағы «Кәмбағал ҳәм жумыссыз пуқараларды исбилерменликке тартыў, олардың мийнет етиў белсендилигин арттырыў ҳәм кәсип-өнерге оқытыўға қаратылған ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында Нөкис қаласында «Жумысқа мәрҳамат» моноорайы ашылған еди. Бурынғы Нөкис коммунал хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў кәсип-өнер колледжи имаратының бир бөлеги қайта реконструкцияланып, «Нөкис агросанаат қурылыс-монтажлаў» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қурылысшылары тәрепинен 10,5 миллиард сумлық реконструкция жумыслары алып барылды.

Орайда жумыссыз, бәнт болмаған халықты 4 бағдар бойынша 19 кәсип -өнерге ҳәм 3 шет тилине оқытыў шөлкемлестирилген.

Ашылғанына онша көп ўақыт болмаған моноорайда усы күнге шекем сервис ҳәм хызмет көрсетиў, техникалық тараў, рус ҳәм корейс тиллери, компьютер дизайны бағдарламалары, архитехтура ҳәм компьютер билимданлығы бойынша  1295 тыңлаўшы қабыл етилген болса, соннан бүгинги күнге 718 тыңлаўшы питкерип шықты.

Спикер орынбасары орайда тыңлаўшылар ушын жаратылған шараятлар менен танысты. Бул жерде алып барылып атырған жумысларды ҳәким жәрдемшилерине жақыннан таныстырыў зәрүрлиги атап өтилди. Сондай-ақ, ҳәким жәрдемшилериниң Олий Мажлис Нызамшылық палатасының, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң депутатлары менен тығыз бирге ислесиўин жолға қойыў сыяқлы бир қатар әҳмийетли усыныслар билдирилди. Биргеликте халыққа еле де қолайлықлар жаратыў, соның ишинде, 8100 гектар майданда дийқан хожалығын шөлкемлестириў, қыйтақ жерден пайдаланыўды раўажландырыў бойынша 14 процентке шекемги кредит, қусшылық, қоян бағыў, балықшылықты раўажландырыў бойынша 300 миллион сумга шекем кредит алыў сыяқлы имканиятлардан пайдаланыў зәрүр.

Ушырасыў даўамында партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси менен моноорай арасында Президентимиз тәрепинен қабыл етилип атырған пәрман және қарарлардың мазмун-мәнисин тыңлаўшыларға кеңнен түсиндирип барыў мақсетинде Меморандум дүзиўге келисип алынды. Орай жанынан партияның басланғыш шөлкеми дүзилип, бир қатар хызметкерлер партия ағзалығына қабыл етилди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы