Мағлыўматларға қарағанда, бүгинги күнде пүткил дүньяда коронавирус инфекциясынан кеселленгенлер саны 300 миллионнан асып кетти. Олардың 5,5 миллионында өлимшилик жағдайы жүз берди.

Сондай-ақ, мәмлекетимизге келген сырт ел пуқарасынан СОVID-19 вирусының жаңа (omikron) штаммы анықланғанлығы себепли, мәмлекетте эпидемиологиялық жағдайдың турақлылығын сақлап қалыў мақсетинде жаңа ўазыйпалар белгиленди.

– Атап айтқанда, «Өзбекстан Республикасына коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бағдарындағы илажлар бағдарламасын таярлаў бойынша Республикалық арнаўлы комиссия»ның мәжилисинде белгиленген тапсырмалар бойынша, сырт мәмлекеттен республикамызға кирип келиўши пуқаралардан корнавирус инфекциясына «терис» көрсеткишке ийе болған ПЦР (полимеразная цепная реакция) анализ нәтийжеси ҳаққындағы мағлыўмат 72 сааттан 48 саатқа қысқарды. Сондай-ақ, олардың республика аймағына киргеннен соң қайта экспресс тест тапсырылыўы белгиленди,-дейди Нөкис қалалық санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлиминиң врач-эпидемиологы Нургүл Ходжаниязова.

Соның менен бирге, грипп кеселлигиниң көбейип кеткенлиги себепли, улыўма билим бериў мектеплеринде оқыўшылардың қысқы дем алысы 2022-жыл 24-январьға шекем созылды. Эпидемиологиялық жағдайға байланыслы халқымыз кеселликке қарсы иммунитетин күшейтиўи ушын ҳәр түрли витаминлерди, минералларды турақлы түрде қабыллаўы мақсетке муўапық болады.

Быйылғы жылдың 15-январынан 1-мартына шекем министрликлер, ведомоствалар ҳәм басқа мәмлекетлик шөлкемлер, ҳожалық бирлеспелеринде түрли мәжилис, форум, фестиваль, конференция, байрам ҳәм басқа да шөлкемлестириўшилик илажлар қадаған етилди.

Ҳәзирги ҳаўа райының өзгериўшең пайытында грипп пенен наўқасланғанлардың саны еки мыңға шамаласты. Сонлықтан, мәўсимге байланыслы өткир респиратор кеселликлериниң алдын-алыў мақсетинде, Нөкис қаласы аймағында жайласқан емлеў-профилактикалық мәкемелериниң медицина қәнигелерине,  мектепке шекемги билимлендириў, халық билимлендириў бөлиминиң  қәнигелерине грипп кеселлигине қарсы  вакцина менен шаншыў жумыслары алып барылды. Себеби, усы кеселликлерге қосымша коронавирус инфекциясын да жуқтырып алса, коронавирус штаммының өзгериўшеңлик қәсийети себепли кеселлик аўыр өтеди. Сонлықтан, грипп те жуқпалы болғанлығы ушын усындай жағдайлардың алдын алыў мақсетинде бул жумыслар күшейтилген тәризде әмелге асырылмақта.

Коронавирус инфекциясына қарсы ҳалықтың толық алдын ала шаншылыўы, сол қатары бустер доза менен шаншыў жумыслары жеделлестирилди.

Нөкис қаласы аймағындағы коронавирус инфекциясы анықланған үйлер ҳәм мәкемелерде улыўма жуўмақлаўшы дезинфекциялаў жумыслары алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги