Президенттиң усы жылы 19-январьдағы «Мәҳәллелердеги жаслар менен ислесиў системасын туп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық енгизилип атырған Жаслар жетекшиси лаўазымына жаслар менен ислесиў тәжирийбесине ийе, жасларды изине ерте алатуғын, жеке пазыйлетлери менен үлги көрсеткен, пидәкер, садық ҳәм ўатансүйгиш талабанлар ашық таңлаўлар тийкарында жумысқа қабыл етиледи.

Сондай-ақ, қарарда Жаслар ислери агентлигиниң мәҳәлле ҳәм билимлендириў мәкемелеринде жаслар менен ислесиў бөлимлери хызметкерлериниң штат бирликлери улыўма орта билим бериў мектеплериндеги 10 мың 8 жаслар жетекшилери штат бирликлериниң қысқартылыўы белгиленген.

Басқа аймақлардан келип өз жумысын алып барып атырған Жетекши ушын базалық есаплаў муғдарының еки есесине шекемги болған муғдарда турақ жай ижара төлеми қаплап бериледи ҳәм ипотека кредити тийкарында сатып алынып атырған турақ жай баҳасының 50 проценти муғдарында субсидия бериледи.

ӨзА