Марҳум апасының егизек перзентлерине туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалық алыў бойынша пуқара Р.Н.ның Беруний районы Әдиллик бөлимине мүрәжаты унамлы шешимин тапты.

-Мүрәжат ийеси марҳум апасының 7 жасқа толған, ҳәзир өзиниң тәрбиясында болған егизек перзентлериниң туўылғанлығы ҳаққында гүўалығы жоқлығы, бул бойынша бир нешше орынларға мүрәжат етиўине қарамастан шешилмегенлиги, балалардың биринши классқа оқыўға барыўы ушын гүўалық зәрүрлиги, усы мәселеде әмелий жәрдем бериўимизди сораған,-дейди Беруний районы Әдиллик бөлиминиң баслығы Салтанат Раимбекова.-Үйрениў барысында тийисли шөлкемлерден алынған мағлыўматлар тийкарында мүрәжат ийесиниң мийирбийке екенлиги, оның апасы перзентлерин үй шараятында дүньяға келтиргенлиги, балалардың медицина мәкемелеринде туўылмағанлығы ҳәм ПҲАЖ уйымларында дизимге алынбағанлығы анықланды.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық процессуал кодексиниң 28-бабында Юридикалық әҳмийетке ийе болған фактлерди анықлаў тәртиби белгиленген болып, 295-статьясында Суд пуқаралардың ямаса шөлкемлердиң жеке, мүлкшилик ҳуқықлары жүзеге келиўине, өзгериўине ямаса сапластырылыўына себеп болатуғын фактлерди анықлайды, суд баланың анаў ямаса мынаў анадан туўылғанлығы, сондай-ақ, туўылған ўақты ҳаққындағы ислерди көреди,-деп белгиленген.

Усыған муўапық ҳәм анықланған жағдайлардан келип шығып, районлық Әдиллик бөлими мүрәжатшының мәпинде пуқаралық ислери бойынша Беруний районлар аралық судына арза киргизди ҳәм ол толық қанаатландырылды. Судтың шешиўши қарары тийкарында егизеклердиң туўылғанлық факти тастыйықланды ҳәм ПҲАЖ уйымында олардың туўылғанлығы дизимге алынды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы