Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде «Почта байланысы ҳаққында»ғы нызам жойбары екинши оқыўда статьяма-статья көрип шығылды.

Бул нызам жойбары бойынша Нызамшылық палатасы депутаты Ўктам Исломов баянат жасады. Атап өтилгениндей, додаланып атырған жойбарды екинши оқыўға таярлаў процесинде комитет тәрепинен 10 ға шамалас жумысшы топар мәжилиси, дөгерек сәўбетлери өткерилди. Оларда жойбарды және де жетилистириў, дийдине жеткериў, толық-пуқта жағдайға келтириў бойынша көплеген пикир-усыныслар берилди.

Усы усыныслар тийкарында нызам жойбарына бир қатар өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди. Атап айтқанда, жойбар «Министрлер Кабинети ўәкилликлери» деп аталған жаңа статья менен толықтырылды. 9-,10- ҳәм 11-статьяларға почта байланысы хызметлерин көрсетиў, почта байланысы сырын тәмийинлеў мәселелерине тийисли анықластырыўшы нормалар киргизилди.

Нызам жойбарының қабыл етилиўи тараўда нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў, халыққа оператив, заманагөй ҳәм сапалы хызмет көрсетиў ушын шараят жаратыў имканиятын береди. Сондай-ақ, Өзбекстанда 2021-2023-жыллары почта байланысы тараўын раўажландырыў бойынша «Жол картасы»н және ратификацияланған 4 халықаралық шәртнама шеңберинде почта байланысы хызметлерин көрсетиў системасын түпкиликли жетилистириўге хызмет етеди.

Мәжилисте нызам жойбары статьяма-статья көрип шығылып, үшинши оқыўда қабыл етилди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы